Әзиз ўатанласлар!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, Сизлерди, пүткил Өзбекстан халқын 30-июль – Халықлар дослығы күни менен қызғын қутлықлайман.

Көп миллетли халқымыздың ғәрезсизлик жылларында ерискен ең үлкен байлықларынан бири – «Өзбекстан – улыўма үйимиз» деген сүрен астында мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти сақлай алғанымыз есапланады, десек, алжаспаған боламыз.

Бизлердиң барлық жетискенликлеримиз – ол сыртқы ямаса ишки сиясатта бола ма, яки экономикалық ямаса мәдений-гуманитарлық тараўларда бола ма – қолға киргизип атырған табысларымыз негизинде жәмийетимиздеги тынышлық ҳәм татыўлық шешиўши фактор болып хызмет етпекте.

Халқымызда «Тыныш елдиң бағы гүлленер», деген ҳикмет бийкарға айтылмаған. Мине, усы тынышлық бар екен – раўажланыў бар. Мине усы татыўлық бар екен – келешегимиз де, әлбетте, жарқын болады.

Бәршемиз гүўа болып турмыз, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде жәҳәнде маўасасыз бәсеки, қураллы соқлығысыўлар, идеологиялық келиспеўшиликлер, халық, әсиресе, жаслардың қәлби ҳәм сана сезимин ийелеў ушын гүреслер, терроризм, экстремизм, сепаратизм, адам саўдасы сыяқлы қәўип-қәтерлер аяўсыз түрге енбекте.

Экономикалық кризис, әсиресе, коронавирус пандемиясы нәтийжесинде түрли қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип, инсанлар арасында өз-ара ҳүрмет, дослық, мийрим-шәпәәт сыяқлы муқаддес қәдириятларға қәўип салып атырғаны, бәршемизди тәшўишке салатуғыны тәбийғый ҳал.

Мине, усындай қурамалы заманда бәрқулла сергек болып жасаў, бийбаҳа байлығымыз болған турақлылықты сақлаў, жәмийетимизде көп миллетли үлкен бирден-бир шаңарақ сезимин күшейтиў қаншелли актуал ҳәм айрықша әҳмийетке ийе болып атырғанына ҳәммемиз гүўамыз.

Усы мәнисте, усы быйылғы жылы жанажан Өзбекстанымызда екинши мәрте белгиленип атырған Халықлар дослығы күни жақсы дәстүрге айланып, елимиз арасында аўызбиршилик, өз-ара татыўлықты тәмийинлеў ҳәм дослық байланысларын раўажландырыўда шексиз орын ийелейди, деп исенемиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде сақаўатлы жеримизде 130 дан аслам миллет ҳәм 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў жасап келмекте, билимлендириў 7 тилде – өзбек, қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде алып барылмақта. Итибарлы тәрепи, туўысқан халықлар тиллериндеги мектеплерде оқып атырған перзентлеримиз мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен толық тәмийинленбекте.

Инсан қәдирин улығлаўға қаратылған түпкиликли реформаларымыз, атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейиллик орталығын беккемлеў ўазыйпасы тийкарғы мақсет сыпатында белгиленген.

Барлық аймақларымызда «Дослық үйлери» шөлкемлестирилип, олардың жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд бул ийгиликли режелер ушын зәрүр қаржыларды бағдарламақта, түрли субсидия ҳәм грантлар ажыратылмақта.

Миллий мәдений орайлардың материаллық-техникалық базасы жақсыланып, оларға мәмлекет тәрепинен заманагөй техникалық мебель үскенелери, миллий липаслар берилмекте.

Орайлық Азиядағы қоңсы мәмлекетлер менен дослық байланыслар қайта тикленип, әзелий байланыслардың беккемлениўи халқымыздың тилеклерин, арзыў-нийетлерин өзинде көрсетпекте.

Биз бирден-бир Ўатан сезимин қәстерлеп сақлаў, жас әўладты мине, усы руўхта тәрбиялаў бағдарында нәтийжели жумыс алып барып атырған Нодира Джанибекова, Нургүл Базарбаева, Қалдибек Сейданов, Феруза Халдарова, Гүлдана Авезгурдиева, Фирдоуси Гусейнов, Сергей Миронов, Зиновий Новицкий, Умар Салманов, Галина Шин, Тамара Акилова, Минсулу Кулиева, Леким Ибрагимов, Вера Бабицкая ҳәм басқа да түрли миллет ўәкиллериниң исмлерин ҳүрмет пенен тилге аламыз.

Усы жылы да елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында пидәкерли мийнет етип киятырған бир топар ўатанласларымыз жоқары атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Пурсаттан пайдаланып, сыйлықланған ўатанласларымызды өзимниң, пүткил халқымыз атынан қутлықлап, оларға беккем денсаўлық, шексиз күш-ғайрат, шаңарақлық бахыт ҳәм ығбал тилеймен.

Әзиз дослар!

Быйылғы байрамда да сизлерди қызықлы көргизбелер, сөйлесиўлер, дөретиўшилик фестивальлар, концертлер, форумлар, конференциялар, дослар дийдары күтпекте. Булардың бәршеси мәмлекетимизде әсирлер даўамында қәлиплескен миллет ҳәм халықлар арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық, өз-ара мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм турақлылық орталығын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.

Бәршемиз ушын Ўатан жалғыз. Биз – Өзбекстан деген жәннетмәкан елдиң перзентлеримиз. Бизлердиң – усы теберик жерде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкиллериниң өтмишимиз де, бүгинги тәғдиримиз ҳәм келешегимиз де бир. Бизлерди уллы ҳәм бирдей мақсет бирлестиреди. Ол да болса, елимиз тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы болып есапланады.

Мине, усы жақсы нийет жолында ҳадал мийнет етип атырған ҳәр бир ўатанласымыз Өзбекстанда өзиниң бахыт-ығбалын әлбетте табады. Буның ушын мәмлекетимиз, жәмийетимиз бар күш ҳәм имканиятларын иске қосады.

Сизлерди Халықлар дослығы күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти