Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылы 15-16-декабрь күнлери республикамызға болған сапары даўамында Шымбай районындағы 8-санлы «Ғумша» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болған еди.
Биз бул «Ғумша» МШБМ мәкемесинде болып, олардың жумысы менен таныстық.
Бақша район орайындағы «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан. 1992-жылы қурылған, 140 бала ушын мөлшерленген бақшада 6 топарда 16 педагог балаларға тәлим-тәрбия бермекте.
Балалар ушын инглис, орыс тиллери, таэквондо, көркем гимнастика дөгереклери турақлы ислеп тур.
Бақшаға бүгинги күнде Сарбиназ Акимниязова басшылық етип келмекте. Ол Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Мектепке шекемги билимлендириў факультетин тамамлаған. 20 жыл даўамында Шымбай районлық халық билимлендириў бөлиминде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери методисти болып, жемисли мийнет еткен.
– Келешек әўладтың саламатлығын тәмийинлеў, балалардың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң орны гиреўли. Әсиресе, Елбасшымыздың нәзери түсип, бизлердиң бақшамызда болғанынан шексиз қуўаныштамыз. Президентимиз бақшамызда балаларға жаратылған шараятлар менен танысты – дейди бақша меңгериўшиси С.Акимниязова. Бақша әтирапындағы қыйтақ жерге помидор, қыяр, гешир, пияз ҳәм басқа да палыз егинлерин егип аламыз. Ал, атызымыздағы алма, алмурт, қәрели, шабдал, жүзим мийўелери писип жетилискенде балаларымызға беремиз. Аўысқанын компот етип қыстың күнлери ишкиземиз.
Бақшада дене тәрбиясы ҳәм музыка менен шуғылланыў ушын зал, раўажландырыўшы шынығыўларды үйрететуғын дөгерек бөлмелери, медициналық блок ҳәм психология бөлмелери, асхана ислеп тур. Ҳәр бир топар ишинен кишигирим китапхана шөлкемлестирилип, олар толық түрде жаңа әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Сондай-ақ, МШБМның әтирапына ойын комплекслери, рәңбәрең сүўретли ҳәўлилер қурылған. Бақша әтирапы ҳәр түрли терек нәллери ҳәм гүжим тереги менен қоршалған.
Бақшаның ҳәр бир топарына камералар орнатылған. Сондай-ақ, ата-аналар менен ислесиў мүйеши шөлкемлестирилип, балаларға берилетуғын аўқатлардың дизими жазып қойылған. Бул арқалы ата-аналар балаларының аўқатланыў жағдайларынан хабардар болып турады.
Бақшада тәжирийбели тәрбияшылардан Лола Сейтмуратова, Гүлбәҳәр Айбекова, Рита Тилеўмуратова, Саёра Бекмурзаева, Камила Пиржанова, Жарқынай Наўрызбаевалар, балалар денсаўлығын сақлаўда мийирибийке Рано Жалиева, психолог Балданай Қазиевалар келешегимиз болған балаларымызды тәрбиялаўда жемисли мийнет етип келмекте.
Балалар ушын сапалы ҳәм исенимли гөш, сондай-ақ, гөш өнимлери «Сарымсақ ой» фермер хожалығы, азық-аўқат-өнимлери «Шымбай көтере-саўда инвест» ЖШЖ, сүт ҳәм сүт өнимлери «Алаўатдин» фермер хожалығы, балық өнимлерин «Арзыў» фермер хожалығы жеткерип бермекте.
Бақша жәмәәти ҳәзирги күнде 8-март – Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында «Анам ҳәм мен – спортшылар шаңарағымыз» атамасында спорт жарысын ҳәм топар тәрбияшылары арасында «Ең жақсы топар» таңлаўларын өткериўге қызғын таярлық көрмекте.
21-март – Халықаралық «Наўрыз» байрамын бақша жәмәәти жоқары көтериңкиликте өткерип, «Сүмелек» қайнатады. Сондай-ақ, бақшада «Ассалам Наўрыз, бәҳәр байрамы» атамасында концерт бағдарламасын өткериў режелестирилмекте.
Сондай-ақ, бақша тәрбияланыўшылары «Соғломжон-полвонжон», «Кичкинтой-ширинтой», «Ким епшил, ким шаққан» спорт жарысларына белсене қатнасып келмекте.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы