Бурын хабар етилгениндей, 16-18-февраль күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң  Фужайра қаласында таэквондо бойынша  өткерилген «FUJEIRAH OPEN-2018»  алтыншы халықаралық турниринде жерлесимиз Шийрин Алланазарова таэквондо WTF бойынша 68 килограмм салмақ категориясында қатнасып, биринши орынды ийелеген еди. 

21-февраль күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыны күтип алыў мәресими өткерилди. Оған кең жәмийетшилк ўәкиллери, спортшының ата-анасы, устазлары, дослары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Шийрин Алланазарова  2001-жылы 5-ноябрьде Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағында туўылған. Шийрин спорттың таэквондо түри менен 6-класс ўақтынан баслап шуғыллана баслаған.  Устазы Нызаматдин Дәлибаевтан спорт сырларын жалықпай үйрене баслады.  Ол 16 мәрте Қарақалпақстан чемпионы, 2 мәрте Өзбекстан  чемпионы. Өзбекстан сайланды командасы ағзасы. Бир қатар кубок ҳәм чемпионатлардың сыйлы орын жеңимпазы.

-Халықаралық турнирге дүньяның 16 мәмлекетинен спортшылар қатнасты. Қарсыласларым Йордания ҳәм Бирлескен Араб Әмирлиги спортшылары болды. Баста албыраўшылық болды. Соған қарамастан, өзимди тез қолға алып халқымның, устазларымның исенимин ақлаў ушын ҳәрекет еттим, – дейди Шийрин Алланазарова. Бундай жетискенликлерге ерисиўиме себепши болған ата-анама, устазларыма, мектеп жәмәәтине ҳәм қәўендер Ким Роберт Сергеевичке миннетдаршылығым шексиз.

Шийрин бүгинги күнде Нөкис районлық 12-санлы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы. Ол спорт пенен бирге поэзияға да қызығады. Ана-Ўатан, туўылған жер, Ана, бахытлы балалық темаларында қосықлар жазады. Китап шығарыў нийетинде.

Ш.Алланазарова «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын өткерилетуғын таңлаўдың бир неше мәрте районлық басқышы жеңимпазы. Мектепте ҳуқықтаныў пәни бойынша өткерилген пән олимпиадасының районлық басқыш жеңимпазы.

Шийрин усы жылы Аргентинада өткерилетуғын жас өспиримлер олимпиадасына ҳәм Жәҳән чемпионатына қатнасып жоқары нәтийжелерди көрсетиўди алдына мақсет етип қойған.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы