28-июнь күни Владимир Путин Душанбеде Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасты, деп хабар береди «РИА Новости».

Еки мәмлекет басшылары саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, әскерий-техникалық тараўлардағы бирге ислесиўди додалады. Сөйлесиў даўамында Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратылған.

Бул еки мәмлекет жетекшилери усы жылы еки мәрте ушырасты. Алдын олар 16-май күни болып өткен Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң юбилей саммитинде көрискен еди.

Буннан тысқары Путин ҳәм Раҳмон январь айынан берли алты мәрте телефон арқалы сөйлескен.

ӨзА