Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Н.В.Кашинаның сызылмаларында музыка ҳәм аяқ ойыны» атамасында жеке көргизбе шөлкемлестирилди.
Көргизбе Өзбекстан халық художниги Надежда Василевна Кашинаның графикалық дөретиўшилигине бағышланды.
Көргизбеге художник ҳәм фотограф Татяна Александровна Гиппиустың 1930-жылларға тийисли Орта Азия ҳәм Қарақалпақстанға саяхаты даўамында түсирилген сүўретлери қойылды.
Көргизбениң ашылыў мәресимине тийисли тараў басшылары, художниклер қатнасып, көргизбеден алған тәсирлери менен ортақласты.
– Н.В.Кашина 1896-жылы Пермь қаласында дүньяға келген. Ол көркем өнерге оғада қызыққанлығы себепли дәслеп Пермь қаласындағы көркем өнер колледжинде, соң Москва қаласындағы жоқары көркем өнер-техникалық устаханада (ВХУТЕМАС Высшие художественно-технические мастерские) оқыўын даўам еткен,-дейди көргизбе кураторы сүўретлеў өнери бөлиминиң илимий хызметкери Л.Петрушина. – Оған өз дәўириниң белгили художниклери Р.Фальк, А.Куприн ҳәм С.Герасимовлар устазлық еткен.
1960-жыллары художниктиң дөретиўшилигинде бурылыс жүз берди, яғный ол өзиниң дәслепки сызықлы усылына қайтыў жолларын изледи. Дөретиўшилик излениў дәўири аўқамдағы сиясий өзгерислер (Хрушевтың жумсарыў сиясаты) дәўирлерине туўра келеди, бул аралықта дөретиўши инсанларға қысқа мүддет ишинде дөретиўшилик етиў еркинлигин берди. Кашинаның мийнетлериндеги өзгерислерге түртки болған және бир себеп, П.Пикассоның дөретиўшилиги және оның «Кептер» сызылмалары еди. Сызықлы сүўретлер художникте «тәбийғый көринис»тен узақласып, улыўмаластырыў ҳәм метафоралық образларға өтиўге жәрдем берди.
Көркем өнертаныўшы Р.Х.Такташтың айтқанындай, художник бир демде шығарманың мазмунын ашып бере алады, «сүўретлер оғада тез, шақмақ тезлигинде сызылып, формалардың ийилиўшеңлигин көрсетип береди».
Көргизбе ҳәр күни Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң экспозиция залларында ашық турады.
Көргизбеде Нөкис қаласы 1-санлы Есжан бақсы атындағы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары тәрепинен киши концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери