Амазон дронлар жәрдеминде товарларды жеткерип бериўди дағазалады

Компания дерлик 10 жыл даўамында усы технологияны ислеп шықты ҳәм енди ҳаўадан экспресс жеткерип бериў әрманы әмелге асады.

Дронлар жәрдеминде товарларды биринши болып Калифорнияның Локфорд қаласының халқы қабыл етти. Дронлар 2,2 кг ға шекемги посылкаларды қабыл етиўшиниң ҳәўлисине таслап жибереди.

Toyota ири көлемдеги Power Bankти усынды

Үй батареясы мобиль бағдарлама арқалы қурылманы аралықтан турып басқарыў ушын ақыллы үй системасына жалғаныўы мүмкин.

Энергиясы 8.7 kVt/саат, номинал қуўаты болса 5,5 kVt/саатқа ийе қурылма Японияда август айында сатыўға қойылады. Бирақ, оның баҳасы ҳәзирше мәлим емес.

 

Қдырбаева Азада,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги