Өзбекстан бойлап өткерилип атырған «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астындағы жаслар айлығы «мәҳәлле-сектор-район-аймақ-республика» дәрежесиндеги жаслар фестивальлары, форумлар, таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары менен даўам етпекте.

Бул илажлар жасларды бир мақсет ҳәм идея астында бирлестириўге, бос ўақытларын мазмунлы өткериўге хызмет етип, илажларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, әҳмийети туўралы мағлыўматлар берилип барылмақта.

Нөкис қаласындағы 2-секторда Жаслар ислери агентлиги тәрепинен усы айлық шеңберинде «Заковат» интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди. Оған аймақтағы 16 мәҳәллениң жаслары қатнасты.

Жеңимпазлар анықланып, «Қутлы қоныс» МПЖ командасы биринши, «Таслақ» МПЖ командасы екинши, «Жолшылар» МПЖ командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

М.Қасымова,

ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги