Усы жыл 13-17-октябрь күнлери елимиз бойлап «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Олий Мажлис Сенаты, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай ҳәм Әдиллик министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Белсенди пуқаралар ҳәптелиги» өткерилмекте.

Усы ҳәптелик шеңберинде 15-июнь күни Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында, онлайн тәризде «Мәмлекетлик реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли»  атамасында жәмийетлик додалаў өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, Әдиллик министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери комитети, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар ислери агентлигиниң қәнигелери, ҳәким орынбасарлары, тийисли мәкемелер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, белсенди пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда пуқаралардың, әсиресе, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўы, бирге ислесиў нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Мәмлекетимизде реформаларды әмелге асырыў процессинде пуқаралық жәмийети институтларының, әсиресе, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли күшеймекте. Соны да айрықша атап өтиў керек, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў процесиндеги додалаўларда ҳәм усыныслар киргизиўде, сондай-ақ, ондағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда  жылдан-жылға белсене қатнаспақта.

Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген мақсетлерге ерисилгенлик дәрежесин баҳалап барыў мақсетинде аймақларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, экспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топарлар шөлкемлестирилип, системалы түрде жәмийетлик тыңлаўларды өткерип барыў жолға қойылған.

Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының роли, социаллық белсендилигин арттырыў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тийисли тараўларда мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыўда қатнасыў ҳәм әмелге асырыўда нәтийжели қарарлар қабыллаўдың оғада зәрүрли шәрти есапланады.

Илажда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қаратылып атырған итибар, жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен қатнасықлар, реформаларды әмелге асырыў процесинде мәмлекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин жолға қойыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетлик қадағалаўды алып барыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў, өнерментшилик тараўында исбилерменликти раўажландырыў, ҳәзирги ўақыттағы майыплығы бар инсанлардың ҳуқықлары ҳәм реал турмысы сыяқлы бир қатар мәселелер додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж жуўмағы бойынша усыныслар ислеп шығылды.

«Белсенди пуқаралар ҳәптелиги» реформалар процесслериниң барлық қатнасыўшылары ушын конструктив сәўбетлесиў-пикирлесиў майданы болып, олардың ҳәрекетлерин бирлестириўге, Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги