14-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Миллий координаторлары кеңесиниң гезектеги мәжилиси басланды.

Ташкент қаласында жайласқан ШБШ Регионаллық контртеррор аўқамының имаратында гибрид тәризде өтип атырған ушырасыўда структураға ағза мәмлекетлер ҳәм Шөлкем Секретариатының ўәкиллери қатнаспақта.

Өзбекстан басшылығында өткен, өзине тән рәмзий мәнисте 15-июнь – ШБШ дүзилген күн алдынан жумыс баслаған бул ретки конференция күн тәртибинен, әдеттегидей, бир қатар әҳмийетли мәселелер орын алған.

Делегациялардың ўәкиллери дәслеп 2022-жыл 15-16-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилиўи белгиленген ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлықтың барысын додалады. Тема бойынша Өзбекстан тәрепиниң мәлимлемеси тыңланды, ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Саммитте көрип шығылатуғын ҳүжжетлер, Самарқанд декларациясы, қабыл етилетуғын қарарлар жойбарларына айрықша итибар қаратылды.

Төрт күн даўам ететуғын илаж даўамында қатнасыўшылар ШБШға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары ҳәм Сыртқы ислер министрлери кеңеслериниң мәжилисине байланыслы таярлық жумысларын да таллады. Бул процессте СИМК бағдарламасы, ШБШ Секретариатының есабаты ҳәм додалаўға киргизилетуғын ҳүжжетлер дизими көрип шығылады.

Конференцияға 17-июнь күни Орайлық Азия халықаралық институтында болып өтетуғын ШБШ Хартиясының 20 жыллығына бағышланған Халықаралық конференциясы жуўмақ жасайды.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ, ӨзА