Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Баслығы Танзила Норбоева Женеваға сапары шеңберинде Халықаралық мийнет шөлкеминиң жаңадан сайланған бас директоры Жилбер Унгбо менен ушырасты.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған өзгерислер ҳәм реформалар, соның ишинде, социаллық-мийнет тараўында, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, ХМШның Өзбекстан менен бирге ислесиў байланыслары шөлкем ушын оғада әҳмийетли екенлиги, Өзбекстан пахтасы ушын «Cotton Campaign» бойкоты бийкар етилип, Халықаралық кәсиплик ассоцациялары конфедерациясы менен қатнасықлардың әдеўир жақсыланғанына итибар берилди.

Мағлыўмат орнында,  ХМШның жаңа бас директоры усы жылдың 1-октябрь күни өзиниң лаўазымына кириседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги