Украина 2023-жыл өтетуғын «Евровидение» қосықлар таңлаўының финаллық басқышын өткериўге таярлықты баслап жиберди.

Бул ҳаққында мәмлекет Президенти администрациясының баспасөз хызмети хабар берди.

«Биз ҳәм Европа телерадиоеситтириў аўқамы ушын тийкарғы мәселе – қәўипсизлик. Украина Қорғаныў ҳәм Ишки ислер министрликлери «Евровидение-2023» илажына айрықша кирискен», делинеди мәлимлемеде.

Тек ғана илажды өткериў ушын орын таңлаў қыйын болмақта.

Владимир Зеленский бурынырақ «Евровидение»ниң гезектеги финаллық басқышын Мариуполда өткериўге ерисемиз, деп билдирген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги