Кеше Қатарда футбол бойынша жәҳән чемпионатына жоллама бериўши ойын болып өтти.
Онда Азия континенти атынан қатнасып атырған Австралия сайланды командасы Қубла Американыӊ Перу сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты.
Оғада қызықлы болып өткен ойынныӊ тийкарғы ўақты ҳәм экстратаймларда есап ашылмады. Буннан соӊ гезек пенальтилар сериясына берилип, онда 5:4 есабында австралиялы футболшылар жеӊиске еристи ҳәм жәҳән чемпионатыныӊ 31-жолламасын қолға киргизди.
Енди Австралия жәҳән чемпионатыныӊ топар басқышында Дания, Франция ҳәм Тунис пенен бирге бир топардан орын алатуғын болды.
Жәҳән чемпионатыныӊ еӊ соӊғы 32-жолламасы бүгин болып өтетуғын Коста-Рика ҳәм Жаӊа Зеландия сайланды командалары арасында ойыннан соӊ мәлим болады.
Солай етип, Австралия Азияда Қатар, Япония, Қубла Корея, Иран, Саудия Арабстаны менен бирге Азия материгиниӊ абырайын қорғайтуғын болды. Буннан алдын ҳеш қашан футбол бойынша Азиядан жәҳән чемпионатына 6 команда қатнаспаған еди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы