11-июнь күни футбол бойынша U-23 Азия кубоги—2022 жарысларында шерек финал ойынлары болып өтти.
Олардыӊ биринде Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ираклы футболшылар менен ушырасты. Оғада талас-тартыслы ўақыяларға бай болып өткен ойынныӊ 19-минутында Өзбекстан дәрўазаманы Абдувоҳид Неъматов қарсылас футболшыныӊ провокациялық ҳәрекетлери себепли, оған қолы менен соққы берди. Нәтийжеде Неъматовқа қызыл карточка берилип, майдан ийелери дәрўазасына болса, 11 метрлик жәрийма тобы белгиленди. Пенальтиди анық жоллаған Рамазан Жума Иракты есапта алдыға алып шықты.
Ушырасыўдағы тоқталыўлардан соӊ ойын төрешиси 1-таймға 12 минут қосып берди ҳәм усы қосып берилген минутлардыӊ 5-минутында Ирак дәрўазасына да пенальти белгиленди. Оннан нәтийжели пайдаланған Жасур Жалолиддинов есапты теӊлестириўге еристи. 2-таймда Өзбекстан сайланды командасы тез-тез ҳүжимлерге өтип турды ҳәм усындай ҳүжимлердиӊ биринде ираклы футболшылар өз дәрўазасына гол урып қойды.
Буннан соӊ Ирак футболшылары да 68-минутта жуўап тобын урыўға еристи ҳәм ойынныӊ тийкарғы ўақыты усы есапта жуўмақланды.
Ушырасыўға қосып берилген экстра-таймларда да 2-2 есабы өзгермеди.
Пенальтилар сериясында 3-2 есабында жеӊиске ерискен Өзбекстан сайланды командасы ярым финал жолламасын қолға киргизди ҳәм онда Қубла Кореяны 3-0 есабында жеӊип шыққан Япония менен ушырасатуғын болды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы