Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги ПП-6099-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде ҳәр жылы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлерди ғалабалық спорт түрлерине қамтыў, олардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларға ҳәр қыйлы кеселликлерден спорт ҳәм саламат турмыс тийкарлары арқалы қорғалыўына жәрдем бериў мақсетинде республикамыздағы барлық қала ҳәм районларда жумыс ислеўшилер арасында «Биз – спортшы шаңарақпыз!» сүрени астында шаңарақлық спорт жарыслары өткерилип келинбекте.
Нөкис қалалық 2-санлы балалар-жас өспиримлер спорт мектеби филиалында усы жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Оған усы жарыстың қалалық ҳәм районлық басқышларында, сондай-ақ, транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы, агросанаат комплекси, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў, билимлендириў, илим, исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў, мәлимлеме технологиялары ҳәм ғалабалық коммуникациялар, мәденият, спорт, туризм, Қоңырат сода заводы унитар кәрханасы, денсаўлықты сақлаў тараўлары арасында өткерилген басқышларында жеңимпаз болған 9 команда қатнасып, өз-ара беллести.
Жарыстың ашылыў мәресиминде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Күн даўамында 7 түрдеги эстафеталық спорт жарыслары өткерилди. Жуўырыў, акробатика элементлерин орынлаў ҳәм топларды белгиленген орынға ылақтырып түсириў, шаққанлық ҳәм мергенлик эстафетасы, шебер ҳүжимши, аңшылар ҳәм қоянлар, қәддин тиклеў ҳәм секириў ойынлары өткерилип, қатнасыўшылардың ҳәр бири жеңиў ушын ҳәрекет етти.
Жарыс тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Жарыс жеңимпазлары анықланып, билимлендириў ҳәм илим тараўынан Ҳайдаровлар шаңарағы биринши, денсаўлықты сақлаў тараўынан Исенбаевлар шаңарағы екинши, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў тараўынан Худайбергеновлар шаңарағы үшинши орынды ийеледи.
– Мен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жумыс ислеймен,-дейди жеңимпаз Рустем Хайдаров. – шаңарағымыз бенен спорт пенен шуғылланамыз.
Өткерилип атырған бундай жарыслар, шынында да адамларды спорт пенен шуғылланыўға қызықтырыў, өсип киятырған перзентлериниң де денсаўлығына бийпәрўа болмай, оларды да спорттың қандай да бир түрине тартыўға ийтермелейди, деп ойлайман. Шаңарағымыз бенен жарыстың ендиги басқышында да жақсы қатнасып, жеңимпаз болыў ушын ҳәрекет етемиз.
Жеңимпазлар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Тараўлар арасында ең жоқары балл топлап биринши орынды ийелеген команда жарыстың Наманган ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги