6-11-февраль күнлери аралығында Бухара ўәлаятында 2002-2003-жыллары туўылған қызлар арасында өткерилген бокс бойынша Өзбекистан ашық турнир кубогында шымбайлы Санавар Мәдиярова алтын медальды қолға киргизди.
Турнирге Россия Федерациясынан, республикамыздың барлық қала ҳәм ўәлаятларынан 200ге жақын спортшылары қатнасты.
Шымбай районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшысы Санавар Мәдиярова 42 килограмм салмақ категориясында қатнасып, 1-орынды ийеледи.
Санавар – Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы.
Оны жарысқа тренери Абай Нурыллаев таярлады.
Гаўҳар БЕГЖАНОВА,
ҚМУ журналистика бағдары 2-басқыш студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги