«Челси»диӊ тәжирийбели қорғаўшы футболшысы Антонио Рюдигер Мадридтиӊ “Реал” клубы қурамына еркин агент сыпатында өтти.

Бул ҳаққында ол «Итимал, бул мениӊ футболшылық дәўиримдеги еӊ әҳмийетли қарар болған шығар. Келешегим туўралы көплеген ой-пикирлер ҳәм сөйлесиўлер болды ҳәм «Реал»ды таӊладым. Бундай атақлы клуб сизди ҳәр күни шақыра бермейди ҳәм бул таӊ қаларлық ўақыя болды»,-деп жазады.

Еслетип өтемиз, Антонио Рюдигер «Челси»диӊ еӊ жетекши футболшыларыныӊ бири болып, ол ҳәзир 29 жаста.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы