Франция сайланды командасы ҳәм ПСЖ клубы ҳүжимшиси Килиан Мбаппе дүняның ең көп ис мийнет ҳақы алатуғын спортшысына айланды. Бул ҳаққында “Marca” басылымы  хабар берди.

Дәрекке бола, ПСЖ менен 2025-жылдың жазына шекем мөлшерленген жаңа шәртнама тийкарында, ҳүжимши дүньядағы барлық спортшыларға қарағанда көбирек мийнет ҳақы алады.

Мбаппе “Реал”ға өтиўге разы болған, бирақ үш күн ишинде пикирин өзгерткенин атап өтиў керек. “Реал Мадрид” администрациясы франциялы футболшы Қатарға кеткенинде оның ПСЖда қалыўына исенген. Себеби Килиан Мбаппе Қатарға “Реал” менен жеке шәртнаманы қол қоймай турып ушып кетти. Нәтийжеде 23 жастағы футболшы Қатардан ПСЖ менен бир неше миллион долларлық шәртнамаға қол қойып қайтты.

Буннан ” Реал Мадрид” басшылары жүдә өкпелеген, себеби олар қарар қабыллаўда тийкарғы фактор пул екенлигин түсинген. Мбаппеге Франция президенти Эммануель Макронның сөзлери ҳәм ПСЖ қолланған басқа тәсир усыллары да кәр етпеди. Тек ғана пул оны қалыўға мәжбүр етти.

Мбаппе ПСЖ жойбарын басқармайды. Париж клубындағы жағдайды толық бақлаў Ал-Хелайфидиң қолында қалады.

Ескертип өтемиз, жақында Килиан Мбаппе ПСЖ менен 2025 жылға шекемги шәртнамаға қол қойған еди. Соннан кейин ол “Реал” администрациясы ҳәм ықласбентлерине өзине болған қызығыўшылықлары ушын миннатдаршылық билдирген.

Гулхатиша Уразбаева,

 ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги