Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылардыӊ жазғы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериўине айрықша итибар қаратылып келинбекте. Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күни мектепте оқыўшылардыӊ қол өнери, музыка, шет тиллерин үйрениўи, спорттыӊ бир қатар түрлери менен турақлы түрде шуғылланыўы ушын бир қанша қолайлылықлар жаратылып берилген.

Әсиресе, мектеп оқыўшылары арасында спорттыӊ миллий гүрес түри менен шуғылланыўшы оқыўшылар көплеп табылады.

Олардыӊ бири 7-класс оқыўшысы Назима Қалбаева болып, ол мине 3 жылдан берли тренери Қаршыға Боранбаевтыӊ басшылығында шуғылланыўлар алып бармақта.

―Ҳәптесине 4 мәрте шынығыўларға қатнаймыз,-дейди ол биз бенен болған гүрриӊлесиўинде.―Досларым менен биргеликте тренеримиздиӊ үйреткен усылларын өзлестириўге ҳәрекет етип атырмыз. Ҳәзирше жаман емес. Бирақ, еле де көбирек өз үстимизде шуғылланыўлар алып барыўымыз тийис. Сонлықтан мен усындай жазғы дем алыс күнлери шынығыўларды қалдырмай, ҳәр бир усылды муқыят ислеўге ҳәрекет етип атырман. Нийетим алдағы ўақытлары Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында чемпион болсам деймен.

Ҳақыйқатында да мектепте соӊғы ўақытлары оқыўшылардыӊ оқыў менен бирге, спорт пенен де шуғылланыўына үлкен итибар қаратылып келинбекте. Буннан нәтийжели пайдаланған оқыўшылар да район ҳәм республика көлеминдеги жарысларға мүнәсип түрде қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, Эльеонора Тилепова, Үмитай Қыдырбаева, Назима Қалбаева, Тимур Қуўандықов сыяқлы оқыўшылар район ҳәм республика көлеминдеги жарысларда жеӊимпаз болып, өз устазлары ҳәм ата-аналарын қуўанышқа бөлемекте.

―Усы жылдыӊ 20-24-май күнлери Сурхандәрья ўәлаятыныӊ Термез қаласында 2007-2009-жыллары туўылған оқыўшылар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатына қатнасып, ол жерде сурхандәрьялы қызды жеӊип шықтым,-дейди Назима Қалбаева.―Бирақ, екинши басқышта Бухара ўәлаятыныӊ спортшысынан упайлар есабында утылып қалдым. Алдағы ўақытлары жарысларда бундай қәтеликлерге жол қоймаўға ҳәрекет етемен.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы