Кеше футбол бойынша Азия кубоги—2023 таӊлап алыў басқышында Өзбекстан сайланды командасы Шри-Ланка футболшылары менен ушырасты.

Ойынныӊ 36-минутында Жалолиддин Машарипов жәрийма соққысынан нәтийжели пайдаланып, есапты ашықан болса, 2-таймныӊ дәслепки минутларында Дастан Ҳамдамов та жәрийма тобын голға айландырды.

60-минутта Фаррух Сайфиев Өзбекстанныӊ 3-голын урыўға еристи. Ушырасыўдыӊ қалған минутларында бул есап өзгермеди.

Ал, усы топардыӊ екинши ойынында болса, Таиланд Мальдив атаўлары командасын 3:0 есабында жеӊип шықты. Енди сайланды командамыз ағзалары 11-июнь күни 2-тур шеӊберинде Мальдив атаўлары менен ойын өткереди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы