Кеше футбол бойынша Европа Миллетлер лигасыныӊ 2-туры шеӊберинде бир қатар қызықлы ушырасыўлар болып өтти.
Атап айтқанда, Бельгия сайланды командасы өз майданында Польша менен ушырасты. Ойынныӊ 28-минутында поляклардыӊ жетекшиси Роберт Левандовски есапты ашқан болса, 1-таймныӊ соӊында Аксель Витсель Бельгияныӊ жуўап тобын урыўға еристи.
Ушырасыўдыӊ 2-таймы бельгиялылардыӊ толық үстинлигинде өтип, 59-минутта Кевин де Брюйне, 73-80-минутларда Леандро Троссард, 83-минутта Леандер Дендонкер, 90+3-минутта Луис Oпенда Бельгияныӊ 6-1 есабындағы ири есаптағы жеӊисин тәмийинледи.
Сондай-ақ, усы тур шеӊберинде Уэльс Нидерландияға 1-2, Ирландия Украинаға 0-1 есабында жеӊилип қалған болса, Шотландия Арменияны 2-0 есабында жеӊип 3 упайды қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы