Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банки делегациясын қабыллаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, үлкемиздиң географиялық жайласыўы, халқы, ҳәкимшилик басқарыў дүзилиси, миллий байлықлары туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январь күнги «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыўдың Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ, өткен жыл 28-февраль күнги «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары шеңберинде әмелге асырылған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Өз гезегинде Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банкиниң Орайлық Азия ҳәм Россия бойынша басқарыўшы директоры Н.Ханженкова жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банки менен Өзбекстан ҳүкимети арасында биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарларға тоқтап өтти.
Қабыллаўда республикамызда киши ҳәм жеке исбилерменликти, соның менен бирге туризмди раўажландырыў бойынша өз-ара пайдалы пикир алысыўлар болды.
Қабыллаўға Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.