Кеше футбол бойынша U-23 Азия кубоги шеӊберинде Өзбекстан сайланды командасы иранлы футболшылар менен өз-ара күш сынасты.
Қаршы қаласындағы Орайлық стадионда болып өткен ойынныӊ 22-минутында Атабек Жўрақузиев есапты ашқан болса, 62-минутта Аря Юсуф арадағы есапты теӊлестириўге еристи. Қалған минутларда командалар дәрўазаларға қаншелли гол урыўға ҳәрекет еткени менен ойында есап өзгермеди ҳәм Өзбекстан сайланды командасы 7 упай менен топарда 1-орынды ийелеп шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Командамыздыӊ келеси басқыштағы қарсыласы Ирак сайланды командасы болып, бул ушырасыў 11-июнь күни болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы