7-июнь күни футбол бойынша Европа Миллетлер лигасында 2-тур ойынлары болып өтти.

Олардыӊ биринде Германия сайланды командасы өз майданында англиялы футболшылар менен ушырасты.  Биринши таймда есап ашылмады. Ал, екинши таймныӊ 50-минутында Ёнас Ҳофманн ойындағы есапты ашқан болса, 88-минутта Ҳарри Кейн 11 метрлик жәрийма тобынан нәтийжели пайдаланып, өз командасын жеӊилистен қутқарып қалды.

Ал, Италия болса Венгрия сайланды командасы менен ушырасып, оғада қыйын жеӊисти қолға киргизди. Ушырасыўда Николо Барелла  ҳәм Лоренцо Пеллегрини өз атына гол жаздырған болса, Жанлука Манчини өз дәрўазасына гол урып қойды.

Литваға сапар еткен Түркия болса, майдан ийелерин 6-0 есабында жеӊиўге еристи. Сондай-ақ, Фарер атаўлары Люксембургтен  0:1 есабында жеӊилген болса, Финляндия  Черногорияны 2:0 есабында жеӊип шығыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы