Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Балалар ҳәм жаслардың мектептен тысқары спорт билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў арқалы қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың жаңа механизмлерин енгизиў, спортшылардың Олимпия ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынларында, басқа да абырайлы халықаралық жарысларда қатнасыўын және жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў, бул бағдарда тренер ҳәм спорт қәнигелериниң мийнетин әдалатлы тийкарда хошаметлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Спортты раўажландырыў министрлиги қарамағындағы 279 балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм олардың филиаллары тийкарында 254 спорт мектеби 1-қосымшаға муўапық;

Спортты раўажландырыў министрлиги қарамағындағы 56 қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери тийкарында  56 қәнигелестирилген спорт мектеби 2-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Ҳусанов) менен биргеликте еки ай мүддетте спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген спорт мектеплериниң (кейинги орынларда – спорт мектеплери) үлги штат нормаларын тастыйықласын.

Онда спорт мектеплериниң өз алдына спорт имаратлары ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша штат бирликлери толық ажыратылыўын тәмийинлеў нәзерде тутылсын.

  1. Спорт мектеплерде оқыўшыларды қабыллаў ҳәм таярлаў бойынша төмендеги система енгизилсин:

спорт мектеплерине 4 жастан 30 жасқа шекемги спорт пенен турақлы шуғылланыў ҳәм келешекте профессионал спортшы болыў мақсетиндеги балалар ҳәм жаслар қабыл етиледи;

«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген ғалабалық спорт жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелеген жаслар, сондай-ақ, 4-6 жастағы балалар спорт түрлеринен келип шығып олардың антропометрикалық көрсеткишлери тийкарында дәслеп спорт мектебиниң спорт-саўалландырыў топарында олимпиада спорт түрлери ямаса миллий гүрес бойынша ҳәрекетлениў имканиятларын кеңейтиў ҳәм ҳәрекет белсендилиги жетиспеўин толықтырыў ушын сегиз айға шекем бийпул шуғылланады;

спорт-саўалландырыў топарында шуғылланған жаслар халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша спорт сынақларынан табыслы өткен оқыўшылар спорт мектебиниң басланғыш таярлық топарына қабыл етиледи. Бул топарда жаслар базалық таярлыққа ийе болыў ҳәм кейин ала қәнигелесиў ушын спорттың белгили бир түрин таңлайды ҳәм үш жылға шекем шуғылланады;

басланғыш таярлық топарында шуғылланған ҳәм кеминде жас өспиримлер ушын үшинши спорт разрядына ийе болған балалар спорт мектебиниң оқыў-шынығыў топарына өткериледи. Бул топарда балалар қәнигелесиў ҳәм спорттың таңланған түри бойынша тереңлестирилген шынығыўлар тийкарында бес жылға шекем шуғылланады;

оқыў-шынығыў топарында шуғылланған ҳәм кеминде үшинши ямаса екинши спорт разрядына ийе болған балалар спорт мектебиниң спортта жетискенликке ерисиў топарына өткериледи. Бул топарда балалар үш жылға шекемги мүддет даўамында спорт шеберлигин жетилистириў менен шуғылланады;

спортта жетискенликке ерисиў топарында шуғылланған ҳәм кеминде Өзбекстан спорт шеберлигине ямаса Өзбекстан гроссмейстерлигине талабан спорт разрядына ийе болған балалар спорт мектебиниң жоқары спорт шеберлиги топарына өткериледи. Бул топарда балалар үш жыл ҳәм оннан артық мүддет даўамында спортта жеке имканиятларын көрсетиў менен шуғылланады;

спорт мектебиниң оқыў-саўалландырыў ҳәм басланғыш таярлық топарларында таярлықтан өткен, профессионал спортқа потенциалы бар оқыўшылары қәнигелестирилген спорт мектебиниң тийисли бағдарына  (спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика, суў спорты түрлери, жеке гүрес ҳәм гимнастика) оқыўға қабыл етиледи.

Спортты раўажландырыў министлиги (А.Каримов) Қаржы министрлиги (Ж.Абруев) менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнттиң талапларынан келип шығып Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын спорт мектеплери ҳаққындағы режениң жаңа редакциясын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-2023-оқыў жылынан баслап:

а) халқы 200 мыңнан жоқары болған район (қала)лардағы спорт мектеплеринде кеминде 20 олимпиада спорт түрлери;

б) халқы 150 мыңнан 200 мыңға шекемги район (қала)лардағы спорт мектеплеринде кеминде 15 олимпиада спорт түрлери;

в) халқы 150 мыңға шекемги район (қала)лардағы спорт мектеплеринде кеминде 10 олимпиада спорт түрлери бойынша спортшылар таярланады;

г) спорт мектеплери контингенти тек ғана Олимпия ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынлары бағдарламасына киргизилген (буған миллий гүрес және айрықша Ҳүкимет қарарлары менен белгиленген спорт түрлери кирмейди) спорт түрлери бойынша қәлиплестириледи. онда ҳәр бир спорт мектеби ҳәм қәнигелестирилген спорт мектебине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Азия ҳәм Параазия ойынлары бағдарламасына киргизилген 2 олимпиадалық емес спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлаўға рухсат етиледи;

е) спорт мектеплери тренерлерине олимпиадалық емес спорт түрлери бойынша, сондай-ақ, халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша спорт сынақларынан кейинги басқышларға өте алмаған оқыўшылар ушын олимпиада спорт түрлери бойынша төлемли тийкарда дөгереклер шөлкемлестириўге рухсат етиледи. Онда:

спорт мектеплеринде төлемли тийкарда көрсетилетуғын хызметлерден түсетуғын қаржылардың бир бөлеги олардың тренерлерине қосымша ҳақы сыпатында қаратылады.

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына киргизилген шаңарақлардың перзентлерине спорт мектеплеринде шынығыўлар бийпул өткериледи.

Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

еки ай мүддетте спорт мектеплеринде раўажландырылатуғын олимпиада спорт түрлериниң дизимин тастыйықласын;

зәрүрликке бола, спорт федерация(ассоциация)ларының талапларына тийкарланып олимпиадалық емес спорт түрлери бойынша жумыс алып барып атырған тренерлерди олимпиада спорт түрлери бойынша қайта таярлаў курсларында белгиленген тәртипте оқытыў жумысларын шөлкемлестирсин;

спорт мектеплериндеги олимпиадалық емес спорт түрлери бойынша шуғылланып атырған жаслар усы спорт мектеплерин толық тамамлағанға шекем шуғылланыўын тәмийинлесин.

Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов), қарамағында билимлендириў шөлкемлери министрликлер ҳәм уйымлар:

спорт клублары жанында раўажландырылатуғын олимпиадалық емес спорт түрлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде оларға билимлендириў мәкемелериниң спорт залларын оқыў сабақларына кесент етпеген ҳалда бийпул ажыратсын;

турақлы түрде ғалаба хабар қураллары арқалы спорт клубларында раўажландырылып атырған спорт түрлерине оқыўшы ҳәм жаслардың қызығыўшылығын оятыўға қаратылған жумысларды алып барсын.

  1. Олимпиада ҳәм Паралимпиада спорт турлерине таярлаў орайлары шөлкемлестирилсин.
  2. Олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайлары олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжлери тийкарында шөлкемлестирилетуғыны;

олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайларында оқыў процеси 2 басқышта әмелге асырылатуғыны, биринши басқышта 5-11-класслар ушын Олимпия мектеплери, екинши басқышта 1-2-курслар ушын Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлери жумыс алып баратуғыны;

олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайларының Қәўендерлик кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм ташкент қаласы ҳәкимлери басшылық ететуғыны;

Олимпия мектебиниң 5-класына спорт мектеплеринде жақсы нәтийже көрсеткен жаслар, халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша спорт сынақларын табыслы тапсырған ҳәм жоқары қәбилетке ийе болған және оқыў тилегин билдирген оқыўшылар таңлаў тийкарында қабыл етилетуғыны;

Спортты раўажландырыў министрлиги жанындағы қәнигели тренер ҳәм сырт ел экспертлеринен ибарат Тренерлер кеңеси шөлкемлестирилетуғыны;

Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлериниң 1-курсына Олимпия мектеплерин табыслы тамамлаған оқыўшылар, сондай-ақ, Тренерлер кеңесиниң жуўмағына муўапық жарысларда ең жоқары нәтийжеге ерискен спортшылар таңлаў тийкарында қабыл етилетуғыны;

Олимпия мектеплери және Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлериниң спорт түрлери бойынша контингенти Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Олимпиада ҳәм Паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджет қаржылары;

билимлендириў хызметлерин көрсетиўден, педагогика, өндирис ҳәм олардың уставларындағы ўазйыпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайларының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги қарамағындағы айырым спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2022-жылдың ақырына шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Спортты раўажландырыў министри А.Икрамов, Қарақалпақстан Республикаасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги үш ай мүддетте:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте:

спорт мектеплерине таярлық басқышларына ҳәм спорт түрлерине қарай спорт мектебине қабыл етиў ушын усынылатуғын оқыўшы-спортшылардың ең киши жас нормативлери ҳәм медициналық тексериў түрлерин;

спорт мектеплериниң медицина ханаларында пайдаланылатуғын заманагөй медициналық әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақлар ҳәм тиклениў қуралларының муғдарын ҳәм дизимин тастыйықласын;

б) таярлық басқышлары ҳәм спорт түрлерине қарай спорт мектеби оқыў топарларында шуғылланатуғынлардың саны (оқыў топарының толықлығы)н белгилесин;

в) спорт мектеплери шуғылланыўшыларына спорт таярлығы басқышлары бойынша берилетуғын спорт атақларын ҳәм разрядларын тастыйықласын;

г) халықаралық тәжирийбени үйрениў тийкарында спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумыс нәтийжелилигин рейтинг системасы тийкарында баҳалаў тәртибин қайта көрип шықсын ҳәм оның жетилистирилген редакциясын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Спорт мектеплериниң директорлары, директорлардың оқыў, спорт, ғалаба спортты раўажландырыў ҳәм селекция жумыслары бойынша орынбасарлары, инструктор-методистлери, тренерлери ҳәм медицина хызметкерлериниң базалық тариф ставкасына оқыўшы-спортшылар ерискен жоқары спорт нәтийжелеринен келип шығып ҳәр айда төлеп берилетуғын үстемелердиң муғдарлары 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Спортты раўажландырыў министрлиги қарамағындағы спорт мектеплери тренерлериниң базалық тариф ставкалары 2022-жыл 1-сентябрьден орташа 1,35 есеге көбейтилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелердеги жасларды ғалаба спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-201-cанлы қарары менен 2023-жыл 1-марттан баслап олимпиада, олимпиадалық емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

биринши басқыш – район (қала)лық жарысларға қатнаспаған спортшылар екинши басқышқа – ўәлаятлық жарысларға қатнасыўға;

екинши басқыш – ўәлаятлық жарысларға қатнаспаған спортшылар үшинши басқышқа – республикалық (финальлық) жарысларға қатнасыўға жол қойылмайтуғыны;

миллий сайланды командалардың қурамына барлық басқышлардан өткен жеңимпаз ямаса сыйлы орын ийеси болған спортшылар сайлап алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-январьдан баслап спорт ҳәм ғалаба денетәрбиясы илажларының календарь режесинде нәзерде тутылған Өзбекстан чемпионатлары ҳәм кубоклары жарыслары спорт түрлериниң өзгешеликлерине муўапық, спорт федерация (ассосиация) лары тәрепинен, халықаралық спорт шөлкемлериниң тастыйықланған норма ҳәм қағыйдаларында белгиленген жас категориялары (киши жас өспиримлер, жас өспиримлер, жаслар, U-23 ҳәм үлкенлер) арасында жылына бир мәрте өткериледи, онда жарыслардың туўылған жыллар кесиминде өткерилиўине жол қойылмайды.

Спортты раўажландырыў министрлиги еки ай мүддете халықаралық тәжирийбе ҳәм стандартларды терең таллаған ҳалда миллий чемпионатлар ҳәм кубокларды өткериў тәртибин жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм олардың филиалларын оптималластырыў ҳәм олардың хызметкерлерин қысқартыў нәтийжесинде босап қалатуғын бюджет қаржылары Спортты раўажландырыў министрлиги системасындағы спорт-билимлендириў мәкемелериниң басқа да зәрүрли қәрежетлери ушын қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. 2023-жылдан баслап ҳәр жылы қосымша рәўиште республикалық бюджеттен:

спорт мектеплериниң медицина ханаларын заманагөй әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақ ҳәм тиклениў қураллары менен тәмийинлеўге – 10 миллиард сум;

спорт мектеплери ушын заманагөй оқыў әдебиятларын басып шығарыў ҳәм сатып алыўға – 2 миллиард сум;

ўәлаятлық, республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларына қатнасатуғын спорт мектеплериниң шуғылланыўшыларын (сайланды командаларын) арнаўлы спорт кийимлери (экипировкалар) менен тәмиийнлеўге 23 миллиард сум ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы қарарға муўапық республикалық бюджеттен бир ай мүддетте район (қала) лардың спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажлары календарь режелериндеги спорт илажларын қаржыландырыўға 55 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 2023-жылдан баслап ҳәр жылы усы қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

орынларда, әсиресе, аўылларда ҳәм шетки аймақларда халықтың арасында спорт жарысларын, спорт акцияларын, ҳәўескерлик чемпионатларын системалы шөлкемлестириў илажларын көрсин;

аймақлық, район ҳәм қалалардың спорт ҳәм ғалаба физикалық тәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылған жарысларды өткериў, бул жарысларға спортшы-жаслардың қатнасыўын тәмийинлеў ушын усы илажлар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы және район (қала)лардың жергиликли бюджетлери ҳәм олардың қосымша дереклериниң есабынан толық қаржыландырылыўын тәмийинлесин;

спорт ҳәм ғалаба денетәрбиясы илажларының календарь режесинде нәзерде тутылған барлық спорт түрлери бойынша Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарысларында аймақлық сайланды командалардың қатнасыўын тәмиийнлесин;

ҳәр айда кеминде бир мәрте спорт мектеплеринде ҳәм олардың спорт имаратларында және денетәрбия, спорт орайлары ҳәм клубларында «ашық есиклер» күнлерин шөлкемлестириўди дәстүрге айландырсын;

спорт федерация (ассоциация)ларының аймақлық бөлимлери және олимпиадалық емес спорт түрлери бойынша жумыс алып баратуғын спорт клубларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ушын оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажларын көрсин;

денетәрбиясы-саўалландырыў ҳәм спорт имаратларында имканияты шекленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратсын және усы мәселелерди арнаўлы спорт үскенелери менен тәмиийнлесин;

спорт мектеплерин басқарыў ҳәм нәтийжелилигин таллаўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмиийнлеў илажларын көрсин.

  1. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Мирзаев) 2022-2023-оқыў жылынан баслап Ташкент ўәлаяты гимнастикаға қәнигелестирилген спорт мектебиниң жумысын жолға қойсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-5280-санлы қарарына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Спортты раўажландырыў министирлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 6-июнь