27-5-июнь күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ Абу-Даби қаласында Муай-тай бойынша жәҳән чемпионаты болып өтти.

Онда дүньяныӊ еӊ күшли жас спортшылары менен бир қатарда Өзбекстан сайланды командасы да табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, бул жарыста сайланды команда қурамында қатнасқан Беруний районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ тәрбияланыўшысы Асрор Кәримов финалға шекем жетип келип, гүмис медалды қолға киргизиўге миясар болды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, бул жарыста 1-2-орынларды ийелеген спортшыларға Америкада өткерилетуғын пүткил жәҳән спорт ойынлары чемпионатыныӊ жолламасы тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы