Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Конституцияға өзгерис киргизиў бойынша болып өткен референдум республика тарийхында бурылыс ноқаты болатуғынын атап өтти.
Мәмлекет басшысының билидириўине қарағанда, 2022-жыл январьда жүз берген мәмлекетлик аўдарыспаққа урыныў мәмлекетти сиясий модернизациялаў зәрүрлигин көрсетти. Әне, усы мәселелер референдумға алып шықты.
«Тийисли дүзетиўлер «суперпрезидентлик» түринен абырайлы парламентлик ҳәм ҳүкиметке есап беретуғын президентлик республикасына өтиўди беккемлеўге қаратылған», дейди, соның ишинде, Тоқаев өз билдириўинде.
Атап өтилгениндей, Конституцияға дүзетиў киргизилиўи менен Президент ўәкиллигиндеги артықша бәнтлер алып тасланды. Атап айтқанда, мәмлекет басшысының парламенттиң жоқары палатасын қәлиплестириўде қатнасы қысқарады, жергиликли ўәкилликли ҳәм атқарыў уйымларына тәсири төменлейди.
ӨзА