4-5 июнь күнлери Хийўа қаласында баҳадырлар ойыны бойынша екинши “Паҳлавон Маҳмуд – Strongman Games” турнири болып өтти.

Еки күн даўам еткен бул спорт жарысында дүньяныӊ 13 мәмлекетинен 15 спортшы қатнасты. Бул спортшылар жарыс даўамында бир қатар қыйын шәртлерди орынлап шықты.

Жарыс жуўмағында усы шәртлерди тез ҳәм анық орынлаған иранлы Ризо Хейтаси қарсыласларынан көп упай топлап, 1-орынды ийелеўге миясар болған болса, 2-3- орынлар жаӊа зеландиялы Ронго Кин, WSF сайланды командасы ағзасы Петр Мартиненкоға несип етти.

Ал, өзбекстанлы спортшылар болса, 10-11-орынларға ылайық деп табылды.

Солай етип, жарыс жуўмағында алтын медаль ийесине 5000, гүмис ҳәм қола медаль ийелерине 3000 ҳәм 1000 доллар сыйлық сыпатында тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы