ФИФА күнлери мүнәсибети менен бир қатар сайланды командалар дослық ушырасыўларын өткермекте.

Атап айтатуғын болсақ, Қатарда өткерилетуғын жәҳән чемпионатында чемпионлыққа тийкарғы даўагерлердиӊ бири Аргентина сайланды командасы эстониялы футболшылар менен өз-ара ушырасты.

Бул ойында Лионель Месси өз шеберлигин көрсетип, Эстония дәрўазасына 5 гол урыўға еристи.  Есап 5-0 Аргентина пайдасына.

Еслетип өтемиз, буннан бир неше күн алдын Аргентина сайланды командасы Италияны Финалиссимада 3-0 есабында утып шыққан еди.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы