5-июнь күни Кардиффте футбол бойынша жәҳән чемпионаты жолламасыныӊ еӊ соӊғы ойыны болып өтти.

Онда майдан ийелери Уэльс сайланды командасы ағзалары украиналы футболшылар менен өз-ара гүрес жүргизди.

Оғада қызықлы болып өткен ушырасыўдыӊ 34-минутында Андрей Ярмоленко өз дәрўазасына күтилмегенде гол урып қойып, Уэльсти алдыға алып шықты. Ойынныӊ қалған минутларында украиналы футболшылар қаншелли көп ҳәрекет еткени менен есапты өзгерте алмады ҳәм Гарет Бэйл өз командасы менен жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизди.

Солай етип, Уэльс сайланды командасы Қатарда өтиўи режелестирилген жәҳән чемпионатыныӊ «В» топарында Англия, АҚШ ҳәм Иран менен бир топардан орын алатуғын болды.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы