Кеше ФИФА күнлери шеӊберинде халықаралық майданларда бир қатар ойынлар өткерилди.

Қубла Кореяда болып өткен ойында майдан ийелери Бразилия сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.

«Пентакампионлар»  үстинлигинде өткен ойын жуўмағында Бразилия өз қарсыласын 5-1 есабында жеӊилиске ушыратты. Ушырасыўдыӊ 7-минутында Ришарлисон, 80-минутында Филиппе Коутиньо, 90 –минутында Габриэль Жезус бир голдан урған болса, Неймар 42-57-минутларында дубльге еристи. Қубла Корея қурамында болса, Хван Ий Жо өз есабына гол жаздырып қойды.

Ал, Япония сайланды командасы болса, парагвайлы футболшыларды өз майданында қабыллап, 4-1 есабында жеӊиске еристи. Ушырасыўдыӊ 36-минутында Такума Асано есапты ашықан болса, 42-минутта  Даичи Камада япониялылардыӊ екинши голын урыўға миясар болды. Ойынныӊ 59-минутында Парагвай сайланды командасы ағзасы Дерлис Гонсалес Япония дәрўазасына гол урып есапты қысқартқаны менен, арадан бир минут өтип Каору Митома және бир гол урып майдан ийелерин қуўанышқа бөледи.

Ал, 85-минутта Ао Танака тәрепинен Парагвай дәрўазасына еӊ соӊғы голды урып, өз командасыныӊ толық жеӊисин тәмийинледи.

Сондай-ақ, усы күни АҚШ сайланды командасы Марокколы футболшылар менен ушырасып,  3:0 есабында жеӊиске еристи.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы