Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимиздеги музейлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың маркетинг сиясаты ҳәм хызметлер тараўын комплексли раўажландырыў, музейлерге  инновациялық технологияларды нәтийжели қолланыў, сондай-ақ, музейлерде өзбек халқы ҳәм мәмлекетшилиги тарийхы, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлери, уллы ойшыллардың өмири ҳәм жумысына байланыслы заманагөй жаңа экспозицияларды жаратыў, музей топламларындағы бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2022-2023-жылларда мәмлекетлик музейлерде шөлкемлестирилетуғын қосымша хызметлердиң мәнзилли режеси 1-қосымшаға муўапық;

Өзбек халқы ҳәм мәмлекетшилиги тарийхы, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлери, уллы ойшыллардың өмири ҳәм жумысына байланыслы 2022-2024-жылларда жаңадан шөлкемлестирилетуғын экспозициялардың мәнзилли режеси 2-қосымшаға муўапық;

2022-2024-жылларда мәмлекетлик музейлерде қәнигелестирилген реставрация лабораторияларын шөлкемлестириўдиң мәнзилли режеси 3-қосымшаға муўапық;

Сийрек ушырасатуғын музей экспонатлары ҳәм коллекцияларының репликацияларын таярлаў және оларды реализациялаў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер 4-қосымшаға муўапық;

Музейлер тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм раўажландырыў режеси 5-қосымшаға муўапық;

2022-2023-жылларда музейлерде хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Музейлерде хызметлер тараўын кеңейтиў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-июльден баслап:

мәмлекетлик музейлерге ҳәр күни саат 22:00 ге шекем келиўшилерге хызмет көрсетиў ҳуқықы бериледи, сондай-ақ, зәрүрликке бола, мәмлекетлик музейлер нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте түнги жумыс ўақты мүддетлерин белгилеўи мүмкин;

төлемли хызметлер көрсетиўде қатнасқан музей хызметкерлерине қосымша төлемлер төленеди ҳәм олар материаллық хошаметленеди, қосымша төлемлер төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў тәртиби музейлер тәрепинен олардың жоқары туратуғын уйымы менен келискен ҳалда белгиленеди;

мәмлекетлик музейлерге оларда шөлкемлестирилетуғын хызметлер ушын Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлиги (кейинги орынларда – Мәдений мийрас агентлиги) менен келискен ҳәм базар конъюнктурасын есапқа алған ҳалда, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында қосымша хызметкерлерди тартыўға рухсат бериледи.

Мәмлекетлик музейлер тәрепинен хызметлерди шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери, музейлердиң бюджеттен тысқары қаржылары, Мәдений мийрас қорының қаржылары, коммерциялық банклердиң кредитлери, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Түркия Республикасының маман компаниясын тартқан ҳалда Ташкент қаласының қалалық бюджети қаржылары ҳәм оның қосымша дәреклери есабынан 2022-жыл 1-ноябрьге шекем дүньяның белгили музейлериндеги ең алдынғы тәжирийбелерин қолланған ҳалда Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Өзбекстан мәмлекетлик тәбият музейи имаратларын заманагөй реконструкциялаў, үскенелеў, санластырыў ҳәм жаңа экспозицияларды жаратыў және оларда хызметлер көрсетиў тараўын үлги сыпатында таярлап атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Мәдений мийрас агентлиги, Илимлер академиясы (Б.А.Абдуҳалимов) менен биргеликте усы бәнтте белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлесин, онда, заманагөй жаңа экспозицияларды терең илимий-тарийхый тийкарланыўына итибар қаратсын.

  1. Музейлердиң жумысын жетилистириў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топары) дың қурамы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер Республикалық жумысшы топардың (А.А.Абдухакимов) тийкарғы ўазыйпалары етип  белгиленсин:

музейлердиң жумысын жетилистириў ҳәм олардың жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда белгиленген ўазыйпалардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыўын муўапықластырыў;

музейлердиң жумысы тараўында илимий изертлеўлерди күшейтиў, олардың жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, тараўда жоқары маман қәнигелер таярлаў, олардың маманлығын системалы түрде арттырып барыў;

музейлердиң заманагөй жаңа концепцияларын, келиўшилер, атап айтқанда, имканияты шекленген шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, музей затларын исенимли сақлаў, туристлерге хызмет көрсетиўди раўажландырыў, тараўға сырт елдиң алдынғы тәжирийбелерин нәтийжели қолланыў, музейлердиң жумысын санластырыў;

заманагөй алдынғы архитектура-режелестириў, интерьер, дизайн ҳәм ландшафт шешимлерине итибар қаратқан ҳалда ҳәр бир музей имаратының эскиз жойбарын музей жумысының бағдары ҳәм мазмун-мәнисинен келип шыққан ҳалда тастыйықлаў;

пайдаланылмай атырған, туристлер ушын ашық болмаған ҳәм туристлик хызметлер көрсетилмей атырған сәйкес мәдений мийрас объектлерин музейлер, көргизбелер, арт-резиденциялар, басқа да мәденият ҳәм туризм объектлерине айландырыў илажларын көриў.

  1. 2023-2026-жылларда музейлестирилетуғын археологиялық естеликлердиң мәнзилли режеси 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Мәдений мийрас агентлиги Илимлер академиясы (Б.А.Абдуҳалимов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте археология тараўындағы эксперт ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда, усы қарарға 8-қосымшаға муўапық археологиялық естеликлерде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, консервациялаў және оларда ашық аспа астында музей шөлкемлестириў ҳәм оны туризм объектине айландырыў илажларын көрсин.

Бул бағдардағы қәрежетлер мәдений мийрас тараўына ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет ҳәм тийисли жергиликли бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер өзлери ислеп шығарып атырған жаңа түрдеги әҳмийетли өнимлердиң үлгилерин мәмлекетлик музейлерге бийпул беретуғыны белгилеп қойылсын.

Мәдений мийрас агентлиги, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (Д.Н.Саттаров), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен өзлери ислеп шығарып атырған жаңа түрдеги әҳмийетли өнимлер үлгилериниң тийисли мәмлекетлик музейлерге бийпул берилиўин муўапықластырсын.

  1. Халықтағы мәдений байлықларды мәмлекетлик музейлер тәрепинен қабыл етип алыўды хошаметлеў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған «Миллий мийрасқа мениң үлесим» улыўмахалықлық акциясы 2022-жыл 1-июльден баслап шөлкемлестирилсин ҳәм турақлы түрде өткерип барылсын.
  2. «Миллий мийрасқа мениң үлесим!» улыўмахалықлық акциясы шеңберинде:

мәмлекетлик музейлерге мәдений байлықларды, соның ишинде, ғәрезсизлик жылларында жаратылған, жоқары көркемлик баҳаға ийе болған сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларын сатып алыў ушын 2022-жыл 1-июльден баслап ҳәр жылы Мәдений мийрас қорына Мәмлекетлик бюджеттен мәдений мийрас ҳәм музейлер тараўына ажыратылған қаржылар есабынан қосымша 3 миллиард сумнан ҳәм аймақлардағы тийисли мәмлекетлик музейлерге Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаят бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетинен 500 миллион сумнан қаржы ажыратып барылатуғыны, әмелий талапты есапқа алған ҳалда бул қаржының муғдары арттырылыўы мүмкин;

ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кең көлемде үгит-нәсиятлаў жумыслары ҳәм орынларда экспедициялардың шөлкемлестирилетуғыны;

мәдений байлықларды анықлаў ҳәм мәмлекетлик музейлерге тапсырыўда белсене қатнасқан халық ўәкиллериниң үлгили жумысы кеңнен үгит-нәсиятланатуғыны және олар қоллап-қуўатланатуғыны;

ҳәр жылы мәмлекетлик музейлерде халықтан сатып алынған мәдений байлықлар көргизбесиниң шөлкемлестирилетуғыны ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматлар Мәдений мийрас агентлиги ҳәм тийисли мәмлекетлик музейдиң рәсмий веб-сайтына мәжбүрий тәртипте жайластырып барылатуғыны белгиленсин.

  1. Мәдений мийрас агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

ҳәр жылы «Миллий мийрасқа мениң үлесим!» улыўмахалықлық акциясын жыл даўамында жоқары дәрежеде өткериў ҳәм онда белсене қатнасқан шахсларды мүнәсип хошаметлеў;

2022-жылдың ақырына шекем халықтан мәдений байлықларды қабыл етип алыў (сатып алыў) процесин санластырыў илажларын көрсин.

  1. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.З.Шахриёров), Халық билимлендириў министрлиги (Б.О.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Х.Тошкулов), министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы ҳәм студентлери, социаллық қорғаўға мүтәж халық ўәкиллери, майыплығы болған шахслар, кекселер ҳәм басқа да пуқаралардың музейлер ҳәм мәмлекетимиздиң тарийхый орынларына келиўин нәзерде тутатуғын «Өтмишке саяхат» бағдарламасын шөлкемлестирсин.
  2. «Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде:

туризм инфраструктура объектлерине (жайластырыў қуралларына) шегирме бериў ҳәм акциялар өткериў усыныс етилетуғыны;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң жайластырыў қуралларында жасаў қәрежетлериниң 50 процентке шекемги муғдары тийисли мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан, билимлендириў мәкемелери оқыўшыларының, майыплығы болған шахслардың жайластырыў қуралларында жасаў қәрежетлериниң 50 процентке шекемги муғдары жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қапланатуғыны мүмкин;

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар ҳәм майыплығы болған шахслар мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизилетуғыны;

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралардың темир жол билетлери ҳәм жайластырыў қуралларында жасаў қәрежетлери толық көлемде тийислисинше «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» қорлары есабынан қапланатуғыны;

мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен ҳәр жылы кеминде бир мәрте бюджеттен тысқары қаржылар, кәсиплик аўқамлардың қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан өз хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын музейлерге кириў билетлерин сатып алыў әмелияты енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте 2022-жыл ушын, сондай-ақ, 2023-жылдан ҳәр жылы декабрь айына шекем «Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде сапар етиўлерди шөлкемлестириўдиң мақсетли көрсеткишлерин тастыйықласын.

Онда, қаржыландырыў муғдары ҳәм дәреклери белгиленген ҳалда, соның ишинде музейлерге келиўи шөлкемлестирилетуғын:

аймақлар кесиминде «Темир дәптер» «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар, социаллық қорғаўға мүтәж халық ўәкиллери ҳәм майыплығы болған шахслардың саны;

улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы ҳәм студентлериниң саны;

министрликлер ҳәм уйымлар, ири тармақ ҳәм тараўлар кесиминде мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлер саны нәзерде тутылады.

  1. Музейлердиң жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде сондай тиртип орнатылсын, оған муўапық:

мәмлекетлик музейлерде өткерилетуғын  көргизбелер ҳәм мәдений-ағартыўшылық илажлардың ҳәр жылғы календарь режесин Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен тастыйықлаў әмелияты енгизиледи, бул календарь реже Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Мәдений мийрас агентлиги ҳәм мәмлекетлик музейлердиң рәсмий веб-сайтларына жайластырылады және туризм жумысы субъектлерине жеткериледи;

Өзбекстан Миллий теларадиокомпаниясының «O‘zbekiston tarixi» телеканалы Мәдений мийрас агентлигиниң бас мәлимлеме шериги етип белгиленеди. Онда, Мәдений мийрас агентлиги ҳәм «O‘zbekiston tarixi» телеканалы  ҳәр ярым жыллық ушын мәдений мийрас ҳәм музейлер тараўын кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша медиа-режени ислеп шығып әмелге асырады;

Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен көрсетиўге таяр ҳалда усынылатуғын материалларды «O‘zbekiston tarixi» телеканалында тамашагөйлер ушын қолайлы болған ўақытларда бийпул эфирге бериў жолға қойылады;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы «Миллий PR-орайы» МУК тәрепинен ҳәр жылы кеминде 100 жоқары көркемлик дәрежесиндеги Интернет ҳәм социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудиовизиуал үгит-нәсият материаллары таярланып, кең ен жайдырылып барылады. Бул бағдардағы қәрежетлер мәмлекеттиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерге ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қапланады;

материаллық мәдений мийрас объектиниң көшпес мүлки есапланбаған аймақлардағы бос жер майданларына белгиленген тәртипте сыртқы реклама объектлери (конструкциялары) орнатылады, бул илажлар Мәдений мийрас қорының қаржылары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дереклердиң есабынан әмелге асырылады.

Мәдений мийрас агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы бәнтте белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўына қаратылған илажларды көрсин.

  1. Музейлердиң жумысы тараўында илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-жылдан баслап:

ҳәр еки жылда бир мәрте май айының екинши он күнлигинде «Музейтаныў ҳәм археология изертлеўлери:  баслы машқалалар ҳәм заманагөй шешимлер» халықаралық форумы және оның шеңберинде илимий-әмелий конференция, «Уллы жипек жолы» изертлеўлери» көп томлы каталог пенен таныстырыў, таңлаў, көргизбе-саўда, театрластырылған концерт-тамаша бағдарламалары өткериледи;

ҳәр жылы музейлерге ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан музейлер тараўында жумыс алып баратуғын қәнигелердиң кеминде 10 адамын шет елге маманлығын арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўға жибериў мәжбүрий жолға қойылады;

ҳәр жылы кеминде 2 мәдений мийрас тараўындағы шөлкем, соның ишинде музей және 100 қәнигеге Мәдений мийрас қорының қаржылары есабынан Халықаралық музейлер кеңесине (ICOM), Естеликлер ҳәм дыққатқа сазаўар орынларды қорғаў халықаралық кеңесине (ИКОМОС) ағзалық төлемин төлеп бериў әмелияты енгизиледи.

Мәдений мийрас агентлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдураҳманов), Илимлер академиясы (Б.А.Абдуҳалимов) пенен биргеликте усы бәнтте белгиленген ўазыйпалардың ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўына бағдарланған илажларды көрсин.

  1. Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) Мәдений мийрас агентлиги, Министрлер Кабинетиниң Мәдений мийрасты қорғаў инспекциясы (Ш.Ш.Ҳасанов), Илимлер академиясы (Б.А.Абдуҳалимов) менен биргеликте:

еки ай мүддетте ҳәр бир музейдеги музей экспонатлары ҳәм коллекциялары және басқа да фондлардағы мәдений байлықларды толық хатлаўдан өткериўдиң мәнзилли режесин тастыйықласын;

усы мәнзилли режеге муўапық мүлкшилик түрине ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан барлық музейлердеги музей экспонатлары ҳәм музей коллекциялары және басқа да фондлардағы мәдений байлықларды қәнигели кадрлардан ибарат қурамда экспертлер комиссияларын дүзген ҳалда хатлаўдан өткерсин;

музей экспонатлары ҳәм музей коллекциялары және басқа да мәдений байлықларды исенимли қорғаў илажларын күшейтсин.

  1. Мәдений мийрас агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Ҳ.Шерматов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-апрельге шекем:

мәмлекетлик музейлердеги музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларын электрон идентификациялаў және Миллий музей фонды мәмлекетлик электрон каталогын толық қәлиплестириў ҳәм нәтийжели жүргизиў илажларын көрсин;

Миллий музей фонды мәмлекетлик электрон каталогинде бийбаҳа музей экспонатларының жоқары сапалы фотосүўретлери ҳәм 3D көринислерин орналастырып, оларды монетизациялаў системасын жолға қойсын;

Миллий музей фонды мәмлекетлик электрон каталогиниң мәдений байлықларының халықаралық излеў системалары, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм электрон хызметлер мағлыўмат базалары менен интеграцияласыўын тәмийинлесин.

  1. Мәдений мийрас агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәдений мийрас агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарар жойбарын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.А.Жўрабоевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 27-май