Усы жыл 1-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе-халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң  сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романовтың мәлимлемеси тыңланды.

Депутаттың атап өткениндей, бүгинги күни республикамыздың халқына 156 тез медициналық жәрдем бригадасы хызмет көрсетпекте. Соның ишинде, 137 улыўма тармақлық бригадасы, 11 реанимация, 3 психиатрия және 5 фельдшерлик бригадасы хызмет көрсетпекте.

Соңғы 5 жылдың ишинде тез медициналық бригадалардың саны 92 ден 156 ға, тез жәрдем бригадаларына зәрүр болған дәри-дәрмақлар түри 20 атамадан 41 атамаға көбейген. Сондай-ақ, тез жәрдем хызмети ушын жәми 109 дана арнаўлы автотранспорт алынып, 68,6 процентке жаңаланған. Тез медициналық жәрдем хызметиндеги шыпакерлер ушын ажыратылған штат бирлиги усы дәўирде 393 тен 856 штат бирлигине жеткерилген.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияның күн тәртибиндеги екинши мәселе «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Утамбетов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, ислеп шығылған нызам жойбары 4 бап, 39 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги нызамның 9 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар, жаңадан 27 статья киргизиў усыныс етилмекте.  Сораў-жуўаплардан соң депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың  орынланыў барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесовтың есабаты тыңланды.  Атап өтилгениндей, 2020-2023-жылларда 2788 жойбар ҳәм объектлерде 21 триллион 209 миллиард сумлық кең көлемли жумысларды әмелге асырыў режелестирилген болып, соннан өткен жылдың өзинде 22 улыўма билим бериў мектебинде 81 миллиард сумлық, 13 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 47,3 миллирад сумлық, 8 денсаўлықты сақлаў объектлеринде 48,8 миллиард сумлық қурылыс жумыслары алып барылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Соның менен бир қатарда, Президент қарары менен быйылғы жылы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынған болып, аймақлық инвестиция жойбарлары ҳәм санаат кластерлерин шөлкемлестириў бойынша көлеми 4,1 триллион сумлық 193 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 4898 жаңа жумыс орнын жаратыў, жол-транспорт, инженерлик-коммуникация, инфраструктура объектлеринде 263 миллиард сумлық, 40 социаллық тараў объектинде 188 миллиард сумлық,  45 шараяты аўыр аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында 397 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-декабрьдеги «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы еркинлигин арттырыў, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў бойынша салық ҳәм қаржы уйымларының жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы  талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық басқармасының быйылғы жылдың биринши шерегинде әмелге асырған жумысларының барысы бойынша есабатлары, халықты, әсиресе жасларды дене-тәрбия ҳәм спортқа қамтып алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министриниң мәлимлемеси тыңланды.

Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасарын тайынлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары лаўазымына Абдимурат Каримбаевтың кандидатурасы усынылды.

Талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен танысып шыққан депутатлар Абдимурат Каримбаевты Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы қарар қабыл етти.

Сессия соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.