Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 31-май күни халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дүньяда азық-аўқат пенен байланыслы шеклеўлер ҳәм баҳалардың өсиўи күн сайын күшеймекте. Дүнья базарларында бийдайдың баҳасы 50 процентке, өсимлик майы 33 процентке, қумшекер 14 процентке, нефть 47 процентке қымбатлады. Әлбетте, бул елимиздеги баҳаға да тәсир көрсетип атыр. Мәселен, май айында Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында картошка, ун, қумшекер қымбатлаған.

Сонлықтан мәжилисте тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, соның ишинде, қусшылықты ҳәм шарўашылықты қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Арзан, тойымлы ҳәм тез жетистирилетуғын өнимлер бул қус гөши ҳәм мәйек болып табылады. Бирақ, көпшилик ўәлаятларда қус гөши халықтың талабына жараса жетистирилмей атыр. Бул бағдарда  50 ден аслам ири кәрхана ярым қуўатлылықта жумыс ислемекте. Оларды от-жем, соның ишинде, бийдай менен тәмиийнлеўде қыйыншылықлар бар.

Бул мәселени шешиў ушын анық илажлар белгиленди. Атап айтқанда, 1-июньнен баслап қусшылық хожалықларына бийдай сатып алыўға 400 миллиард сум «револьвер» кредит ажыратылады. Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры арқалы кредит гиреўиниң 50 процентине кепиллик бериледи ҳәм 17 проценттен асқан бөлеги компенсация етиледи. Сондай-ақ, қусшылық хожалықларына айланба қаржы ушын берилетуғын кредит мүддетин создырыў усынысы билдирилди.

Қус өнимлери базарын таллаў ҳәм жойбарларды дурыс орналастырыў, өндиристен сатыўға шекем болған барлық процесслерди санластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Үй таўықларын кооперация тийкарында бағыў да жақсы нәтийже береди. Мысалы, Нурабад районында исбилерменлер инкубатор тарқатып, халық пенен бирге, қус гөшин ҳәм мәйек жетистириўди жолға қойған еди. Бүгинги күнде бул өнимлер районнан аўысып, Самарқанд ўәлаяты ҳәм қоңсылас районларға да жеткерип берилмекте.

Мәжилисте бул тәжирийбени кеңейтип, қусшылық хожалықларын белгили бир мәҳәллелерге бириктириў, халыққа қусшылық бойынша оқыўлар шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бундай хожалықларға ҳәр бир мәҳәлле ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары тийкарында 200 миллион сумнан жеңилликли кредитлер ажыратылады. Олар бул қаржы есабынан халықты шөжелер ҳәм азықлық пенен тәмийинлейди.

Шарўашылық – халықтың тоқлығында ҳәм баҳалардың турақлылығында әҳмийетли тараў. Ең көп түрдеги азық-аўқат өнимлери усы тармақта жетистириледи.

Усы жыл 8-февральда «Шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў ҳәм шарўа от-жем базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген еди. Оған муўапық, шарўашылық хожалықларына гөштиң ҳәр бир килограмына төленетуғын субсидия 2 мың сумнан 4 мың сумға, сүттиң ҳәр бир литрине 200 сумнан 400 сумға көбейтилди. Сырт елден алып келинетуғын аўыл хожалығы техникасы барлық төлемлерден азат етилди. Тараўға  170 миллион доллар жеңилликли кредит линиялары ашылды. 200 мың гектардан зыят пахта ҳәм ғәлле майданларына от-жемге қолайлы егинлерди алмаслап егиў белгиленди.

Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар аймақлар кесиминде көрип шығылды. Атап айтқанда, тараўдағы имканиятлардан пайдаланып, Әндижан, Бухара, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен 18 мың бас малға мөлшерленген 35 шарўашылық хожалығы шөлкемлестирилди. Бирақ, Сурхандәрья, Самарқанд, Сырдәрья, Қашқадәрья,  Наманган, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятларында 70 комплексти иске түсириў кешигип атырғаны атап өтилди. Халық үйлеринде кооперация усылында гөш ҳәм сүт жетистириў де системалы жолға қойылмаған.

Буннан тысқары, пахта ҳәм ғәллениң орнына алмаслап от-жем егилетуғын 200 мың гектар майдан бойынша да жумыслар елеге шекем анық режелестирилмеген.

Сонлықтан Бас министрдиң орынбасарына алмаслап егиўди ҳәр бир район кеиминде анық тастыйықлап, шөлкемлестириў, фермерлерди мол зүрәәтли от-жем туқымлары менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Соның менен бирге, шарўа хожалықларына ҳәм үйлерге ветеринария хызметин көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Атап айтқанда, гөш, балық, сүт өнимлери, мийўе, өсимлик майы сыяқлы 22 түрдеги азық-аўқат усы жыл 1-майға шекем бажыхана бажларынан азат етилген еди. Енди бул мүддет 2023-жыл 1-январьға шекем созылды. Сондай-ақ, азық-аўқатты импорт етиўде бажыларды көбейтилген ставкада қолланыў тоқтатып турылады. Мәмлекетлик сатып алыўларда азық-аўқат өнимлерин импорт етиў бойынша шеклеўлер ўақтынша бийкар етиледи.

Монополияға қарсы гүресиў комитетине базарда бәсекини тәмийинлеў  ҳәм баҳалардың тийкарсыз қымбатлаўына жол қоймаў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, азық-аўқат тармақларының басшылары  мәлимлеме берди.

ӨзА