Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон усы жылы 2-3-июнь күнлери рәсмий сапар менен елимизде болады.

Еки дос мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери күн тәртибинен Өзбекстан – Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы тараўларында әмелий ҳәрекетлерди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, энергетика ҳәм басқа да тармақларда қоспа кооперациялық жойбарларды алға қойыў және дәстүрий жақын аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысыўлары нәзерде тутылған.

Саммит жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы режелестирилген.

Жоқары дәрежедеги сапар етиўге таярлық шеңберинде усы жылы 30-май күни Душанбе қаласында еки мәмлекет бас министрлери басшылығында өткерилген Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның 9-мәжилиси нәтийжели болды.

Ертең, саммит алдында, Ташкент қаласында жетекши кәрханалардың қатнасыўында бизнес-форум және Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы стратегиялық шерикликти избе-из кеңейтиў ҳәм оның үлкен потенциалын жүзеге шығарыў  мәселелерине бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтеди.

ӨзА