Өзбекстан Қаҳарманы Лола Муродова

Белгили фермер, Ферғана ўәлаятының Алтыариқ районындағы «Нурлы абат» фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, белгили жәмийетлик ғайраткер Лола Муродова аўыр кеселликтен кейин усы жылы 30-май күни 64 жасында қайтыс болды.

Пүткил мәмлекетимиздиң мақтанышы болған Лолахан Муродова 1958-жылы 9-мартта Ферғана ўәлаятының Алтыариқ районында туўылды. Орта мектепти тамамлағанынан кейин мийнет жолын Алтыариқ районындағы «Нурабат» жәмийетлик хожалығында механизатор сыпатында баслады, өз өмирин мәмлекетимиз экономикасының жетекши тармағы болған аўыл хожалығына арнады.

Жас ўақтынан баслап дийқаншылық илимин пуқта үйренген Л.Муродова жәмийетлик хожалықта бас жумысты бөлип алып ислеўши, бөлим баслығы, хожалық баслығы сыяқлы лаўазымларда пидәкерлик пенен мийнет етип, жумысты шөлкемлестириў, мол өним жетистириў, хожалықты нәтийжели басқарыў тараўында үлкен тәжирийбе арттырды.

Фермерлик ҳәрекетине кеңнен жол ашылыўы менен шебер ҳәм мийнеткеш дийқан мәмлекетимизде бириншилерден болып «Нурлы абат» фермер хожалығына тийкар салды ҳәм жердиң ҳақыйқый ийеси сыпатында елимизде фермерлик ҳәрекетин раўажландырыў ҳәм оны жаңа басқышқа көтериўге үлкен үлес қосты.

Өзиниң жумысында бәрқулла жаңаллыққа умтылып, ийгиликли басламалары менен барлық фермерлерге, әсиресе, жасларға үлги болып жасаған Л.Муродова Жаңа Өзбекстан шараятында айрықша белсендилик ҳәм жанкүйерлик көрсетип жумыс иследи. Аўыл хожалығы тараўында алдынғы агротехнологияларды, басқарыўдың заманагөй усыллары ҳәм нәтийжели қуралларын қолланыў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жас фермерлердиң әўладын тәрбиялаўда өзине тән тәжирийбе мектебин жаратты.

Ол өзиниң жумысы менен Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлықтың, кәсибине пидәкерликтиң ҳақыйқый үлгисин көрсетти. Мине усындай адамгершилик пазыйлетлери менен Лолахон апа пүткил халқымыз ушын өзбек ҳаялының ҳақыйқый тымсалына айланды.

Елдиң исине өмирин бағышлаған қаҳарман фермер жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасты. Оның бул бағдардағы көп қырлы жумысы жасларды, ҳаял-қызларды заманагөй кәсип өнерге үйретиў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, өмирде өз орнын табыўында жақыннан жәрдем бериў, мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған ийгиликли жумысларында айқын көринди.

Л.Муродова халық депутатлары Ферғана ўәлаятлық Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы сыпатында да нәтийжели жумыс алып барып, мәмлекетимиз аймақларын раўажландырыў, әмелге асырылып атырған реформаларды жеделлестириў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етиўде де белсендилик көрсетти.

Лолахон Муродованың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағы, «Эл-юрт ҳурмати», «Фидокорона хизматлари учун» орденлери ҳәм «Өзбекстан Қаҳарманы» жоқары атақ пенен сыйлықланған еди.

Белгили фермер, аўыл хожалығы илиминиң жетик белсендиси, белгили жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрибан устазы, кишипейил ҳәм жақсы инсан, халқымызыдың пидәкер перзенти Лолахон Муродованың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Ш.Ғаниев, Х.Бозоров, А.Ҳайитов