Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-май күни Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң мәжилисинде шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекет басшысы сыпатында қатнасты.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың басшылығында видеоконференция тәризинде өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Евразия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Куба Республикасы Президенти Мигель Бермудес ҳәм Евразия экономикалық комиссиясы Төрешилериниң баслығы Михаил Мясникович те қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинен ЕАЭА жеринде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм интеграция процесслерин тереңлестириў, соның ишинде, экономика, саўда, санаат, транспорт ҳәм басқа да бағдарларда әмелий шерикликти беккемлеў мәселелери орын алды.

Өзбекстан Президенти  өзиниң шығып сөйлеген сөзи алдынан Қырғызстан ЕАЭАға басшылықты жедел әмелге асырып, бул шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен пандемияның унамсыз ақыбетлериниң жумсартылғаны ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўде унамлы пәт тәмийинлеп атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанның ЕАЭА менен товар алмасыў көлеми 2021-жылы 30 процентке, быйылғы жылдың басынан берли болса және 33 процентке артты. ЕАЭА мәмлекетлеринен тартылып атырған инвестициялардың жыллық өсиўи дерлик 25 процентти қурамақта.

Дүнья жүзинде жүз берип атырған жедел өзгерислер ҳәм мәмлекетлеримиздиң турақлылығы ушын қәўип-қәтерге айланған кризисли ҳәдийселерди атап өтип, Өзбекстан басшысы биргеликте шешим табыўды талап етип атырған ең әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.

Президентимиз Өзбекстан ҳәм ЕАЭА мәмлекетлери арасындағы саўдада техникалық тосқынлықларды сапластырыўды даўам еттириў ҳәм сертификатластырыўды өз-ара тән алыўға шақырды. Бул товарлардың базарларымызға кирип барыўын бираз әпиўайыластырыўға хызмет етеди.

Биргеликте аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў арқалы агросанаат кооперациясын кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул бағдардағы нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде аймақлараралық байланысларды жеделлестириўди нәзерде тутатуғын Агрокооперация бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан жетекшиси альтернатив транспорт коридорларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм Қубла және Шығыс жөнелисинде транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў зәрүр екенине итибарды қаратты. Усы мүнәсибет пенен Азия-Тыныш океаны регионы базарларына шығыў ушын қосымша имканиятлар жарататуғын Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды тез пурсатта баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Термиз қаласынан Пакистанның Пешовар қаласына шекем Қубла Азия ҳәм оның еки миллиард тутыныўшыға ийе базарына шығыў ушын ең қысқа жолды тәмийинлейтуғын трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўда бирге ислесиўге таяр екени билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлеримиздиң инновациялық потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў ҳәм исбилерменлеримиз арасында, бәринен бурын, жоқары технологиялар тараўында санаат кооперациясын әмелге асырыўдың жаңа түрлерин раўажландырыў басламасын алға қойды.

Ташкент қаласында ЕАЭА мәмлекетлериниң мыңнан аслам компаниясының қатнасыўында «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбеси өткерилгени бул бағдарда биринши әмелий қәдем болды.

Химия, фармацевтика, машина қурылысы, үскене қурылысы, электроника ҳәм басқа да тараўларда кооперация байланысларын хошаметлеў ҳәм локализациялаўды тереңлестириў бойынша қоспа «Жол картасы»н ислеп шығыў усыныс етилди. Онда илимий-изертлеў институтлары ҳәм технологиялар бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң имканиятларын және де кеңирек иске қосыў әҳмийетли.

Экономикалық раўажланыўдың тәбийғый драйверине айланыўы керек болған туризм тараўындағы ҳәрекетлерди бирлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасындағы жолаўшы транспорт қатнаўын толық көлемде тиклеў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда ЕОЭА мәмлекетлериниң жетекши компанияларының қатнасыўында Туризм индустриясын раўажландырыў форумын өткериў усынысын алға қойды.

Президентимиз өз шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында Өзбекстанның мәмлекетлеримиз турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў мақсетинде Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм көп қырлы шерикликти избе-из беккемлеўге умтылысы исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА