28-май күни Париж қаласында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ финал ушырасыўы болып өтти.

Оғада қызықлы болып өткен ойынныӊ 59-минутында Винисиус Жуниор Федерико Вальвердениӊ әжайып пасын голға айландырып, «Реал»дыӊ усы абырайлы кубокти 14-мәрте ийелеўине себепши болды.

Ойынныӊ қалған минутларында «Ливерпуль» футболшылары есапты теӊлестириўге ҳәрекет еткени менен, «Реал»дыӊ тәжирийбели дәрўазаманы Куртуа шеберлик көрсетип,  өз командасыныӊ жеӊисин тәмийинледи ҳәм финал ойыныныӊ еӊ жақсы ойыншысы деп табылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы