Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкек қаласында бурынғы Кеӊес  Аўқамыныӊ қаҳарманы Дуйшенкул Шопоков естелигине бағышланып бокс бойынша халықаралық турнир өткерилди.

Жарысқа майдан ийелеринен тысқары Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қытайдан 130 дан аслам спортшылар қатнасты. Онда ерлер бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 3 қола медалларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, қызлар командасы ағзалары болса, 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 1 қола медалын қолға киргизиўге еристи. Бизлер ушын қуўанышлы тәрепи сонда сайланды команда қурамында 57 кг салмақта жарысқа қатнасқан жерлесимиз Рашида Тагирова финалға шекем барлық қарсыласларын жеӊип шығып, гүмис медаль ийесине айланды.

Боксшини жарысқа тренер Азамат Маткаримов таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы