Мәмлекетлик бажыхана комитети Бажыхана институтының қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў факультети профессор-оқытыўшылары тәрепинен бажыхана хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин, тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде орынларға шыққан ҳалда көшпели оқыў-сабақлары өткерилмекте.

Олардың гезектеги сапары Қарақалпақстан Республикасына болды.

Оқыў-сабағына Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының, бажыхана постларының, Нөкис СЭЖ ҳәм Аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постларының хызметкерлери қатнасты.

Қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-апрельдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, бажыхана кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшалардың, тараў жумысларына байланыслы қабыл етилип атырған ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси терең түсиндирилип, усылардан келип шыққан ҳалда, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин әмелге асырыўдың тәртип-қағыйдалары, айырым товарларға тийисли кодлардың дурыс классификацияланыўы, бажыхана статистикасын жүргизиўдиң өзине тән тәреплери бойынша мағлыўматлар берилди.

Профессор-оқытыўшылар республикамыздың арқа-батыс дәрўазасы болған «Даўыт ата» шегара бажыхана посты ҳәм «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана постларында болып, бул жерде хызмет етип атырған бажыханашылар ушын көшпели оқыў-сабақлары өткерилди.

Усындай оқыў- сабақлары «Қоңырат» СЭЖ, «Нөкис аэропорт» шегара бажыхана постында да шөлкемлестирилди. Ал, контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери ушын оператив  жумыслар бойынша айрықша оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Оқыў даўамында сәўбетлесиўлер өткерилип, пикир-усыныслар билдирилди ҳәм қатнасыўшылар жумысларында ушырасатуғын айырым жағдайлар, мәселелер бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги