Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-май күни аймақларда арнаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, оларды зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, бундай комплекслер бир пүтин жайласыў, қолайлы коммуникация есабынан санааттың раўажланыўына үлкен түртки болады. Өткен бес жылда елимизде қосымша 19 еркин экономикалық зона ҳәм 400 ден аслам киши санаат зонасы шөлкемлестирилип, мыңнан аслам жойбар әмелге асырылды. Нәтийжеде 100 мың жумыс орны жаратылып, жылына 45 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды. Сондай-ақ, санаат зоналарындағы кәрханалар жылына 750 миллион долларлық экспорт ҳәм 1 триллион сумнан артық салық түсимлерин тәмийинлемекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи, ҳәр бир районға, алыс ҳәм шетки аймақларға санаат кирип бармақта. Атап айтқанда, алдын санаат улыўма болмаған 11 районда 205 жаңа кәрхана жумыс баслады.

Негизинде, потенциал, шеклер буннан да жоқары. Бирақ оларды турмыста қолланыўда қалақлық жағдайлары көп. Айырым киши санаат зоналарының бас режеси елеге шекем тастыйықланбағаны, және айырымлары инфраструктура менен толық тәмийинленбегени себепли таяр жойбарлар басланбастан тур.

Буннан тысқары, санаат зоналарында жумыс баслаў ушын бес басқышлы процесстен өтип, оннан артық ҳүжжетлер жыйнаў керек екенлиги исбилерменлерге қыйыншылық пайда етпекте.

Президентимиз бул мәселелерди шешиў санаатты раўажландырыў ҳәм жумыс орынларын көбейтиўде әҳмийетли екенин атап өтти.

-Базар экономикасында ҳәр бир районға, ҳәр бир мәҳәллеге инвестиция кирип барыўы керек,-деди мәмлекетимиз басшысы. – Усы жылдың өзинде 2 мың жойбарды әмелге асырыў, 110 мың жаңа жумыс орнын ашыў ҳәм 1 миллиард доллар қосымша экспорт етиў мүмкин. Ҳәзирги додалаўымыз тийкарында усы мақсет жатыр.

Мәжилисте  санаат зоналарында бос турған 6 мың 600 гектар майданды электр энергиясы, суў, жол ҳәм басқа да шараятлар менен тәмийинлеў илажлары додаланды. Оның ушын 1 триллион 500 миллиард сум ямаса 2021-жылға қарағанда 2 есеге көп қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.

Аймақларда текстиль-бояў ҳәм терини қайта ислеў бойынша көплеген жаңа жойбарлар таярланған. Оның ушын орайласқан тазалаў имаратлары зәрүр. Сонлықтан бундай кәрханалар ушын таңлап алынған орынларда заманагөй тазалаў имаратларын қурыў бойынша көрсетпе берилди.

Ҳәммемизге белгили, 200 миллиард сумнан жоқары болған жойбарлар инфраструктурасы ушын қәрежетлерди мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў енгизилген. Бухара, Жиззақ, Самарқанд, Сурхандәрья, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятының исбилерменлери бул имканияттан пайдаланып, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша 630 миллион долларлық жойбарлар басламасы менен шыққан.

Усындай жойбарлар ушын быйылғы жылы аймақларға 170 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди. Ўәлаят ҳәкимлери басқа аймақларға барып, бир-бириниң тәжирийбесин үйрениўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Самарқандта 300 гектар майданда жаңа арнаўлы санаат зонасының шөлкемлестирилетуғыны айтылып, ол жерде бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған жойбарларды қәлиплестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы санаат зоналарында жумыс баслаўдағы бюрократияға айрықша тоқтап өтти. Бул бағдардағы тәртипти әпиўайыластырыў илажлары белгиленди. Оған бола, еркин экономикалық зоналарда әмелге асырылатуғын жойбарларды экспертизалаў ўәкиллиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине өткериледи. Импортқа жеңилликлерди қолланыў ушын Жойбарларды ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайының жуўмағын алыў тәртиби бийкар етиледи.

Усы ўақытқа шекем санаат зоналарындағы жерлер аукционға ҳәкимлик тәрепинен қойылатуғын еди. Енди инвестиция миннетлемелери белгиленип, бул зоналардың дирекциялары тәрепинен шығарылады. Сондай-ақ, инвестициялық миннетлемелер толық орынланғанынан соң, аукцион арқалы алынған объектлерди меншиклестириўге руқсат бериледи.

Булардың есабынан санаат зоналарына жойбарларды жайластырыў процесиндеги басқышлар саны азайып, оған кететуғын ўақыт 3 айдан 1 айға қысқарады.

Президентимиз киши санаат зоналарында узақ жыллардан берли жумыс ислеп киятырған исбилерменлердиң жер ҳәм имаратларына байланыслы мәселелерин шешиў бойынша да тапсырма берди.

Өнимлердиң экспортқа қолайлылығын, халықаралық стандарт ҳәм тутыныўшының талапларына сәйкеслигин тәмийинлеў ушын айырым санаат зоналарын сырт ел компанияларына басқарыўға бериў, олардан инвесторларды тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша ҳәкимлер есабат берди, исбилерменлер усынысларын билдирди.

ӨзА