Кеше футбол бойынша Европа Конференциялар лигасыныӊ финал ушырасыўы болып өтти.

Онда Италияныӊ «Рома» ҳәм Нидерландияныӊ «Фейеноорд» клублары өз-ара ушырасып, ойынныӊ 32-минутында «Рома» футболшысы Николо Заниоло есапты ашыўға миясар болды.

Буннан кейинги минутларда командалар гол урыўға қаншелли ҳәрекет еткени менен  ойындағы есап ашылмады. Солай етип, Римниӊ «Рома» клубы Европа  Конференциялар лигасыныӊ дәслепки жеӊимпазына айланды. «Рома» қурамында ойнап атырған Өзбекстан сайланды командасыныӊ сәрдары Элдор Шомуродов бул ушырасыўдыӊ 89-минутында Тэмми Абраҳамныӊ орнына майданға түсти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы