Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миризиёевтиң басшылығында 14-февраль күни мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин талқылаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы жас әўладты тәрбиялаўдың биринши ҳәм әҳмийетли буўыны болған мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта. 2017-жыл 16-август ҳәм 19-октябрь күнлери болып өткен мәжилислерде бул мәселе ҳәр тәреплеме додаланған еди. 2017-жыл 30-сентябрьде Президентимиз тәрепинен «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы пәрман ҳәм «Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында» ғы қарар қабыл етилди. Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапары ўақтында өткерилген мәжилислерде де бул бойынша көплеген ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәжилисте орынлардағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жағдайы, тараўдағы жумысларды жеделлестириў илажлары додаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул системаны терең талқылап, усы ўақытқа шекем нәзерден шетте қалған ең киши тәреплерине шекем итибар қаратты.

Дәслеп бул мәселеде Әндижан, Наманган, Самарқанд, Ферғана ҳәм Жиззақ ўәлаятларында өткерилген үйрениўлердиң нәтийжелерине итибар қаратылды. Мәселен, Әндижан ўәлаятындағы 87 мәҳәлледе бирде бир балалар бақшасының жоқлығы, 84 бақша филиалын бийғәрез мәкемеге айландырыў яки мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшаларды шөлкемлестириў бойынша район ҳәкимликлери тәрепинен анық илажлар белгиленбегени сынға алынды.

Ўәлаяттатағы бар 451 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинен 200 инде азық-аўқат өнимлерин сақлаў ушын арнаўлы қоймахана жоқ, суўытқыш, шкаф ҳәм стол-стуллар жетиспейди. Сондай-ақ, елеге шекем 123 бақшаға ишимлик суўы тасып әкелинеди, 71 иниң дөгереги қоршалмаған, 134 инде музыка бөлмелери үскеленбеген, 420 сында киши китапханалар шөлкемлестирилмеген.

Бундай кемшиликлер Наманган, Самарқанд, Ферғана ҳәм Жиззақ ўәлаятларында да бақланған.

Барлық аймақларда ушырасатуғын усы сыяқлы кемшиликлерди басқышпа-басқыш сапластырыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин жақсылаў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен үлкен қаржы ҳәм ресурслар қаратылмақта. 2018-жыл ушын тастыйықланған Инвестициялық жойбарлар дизимине муўапық, 771 миллиард сумм бюджет қаржылары есабынан 60 бақша жаңадан қурылады, 295 и реконструкцияланады ҳәм 176 сы толық оңланады.

Мәжилисте быйылғы жылы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша мәнзилли дизимди тастыйықлаў, балалар бақшаларының материаллық-техникалық жағдайын үйренип, мебель, асхана үскенелери, ойын майданшалары ҳәм спорт инвентарларына болған талабын анықлаў және жақын 2 жылда елимиздеги барлық бақшаларды үскенелеў бойынша ҳүжжетлерди таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкцияланатуғын бақшалардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин сапасыз таярлаў, қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын ақырына жеткермеў, айырымларын оңламай қалдырып кетиў жағдайлары көп ушырасып атырғаны сынға алынды.

Мәселен, өткен жылы Хорезм ўәлаяты Үргенш қаласындағы 14-бақшада қурылыс-оңлаў жумыслары сапасыз орынланған, инженерлик тармақларына толық жалғанбаған, үскенелер толық жеткерип берилмеген. Қашқадәрья ўәлаятының Миришкор районындағы 3-, Нишон районындағы 20-, Косон районындағы 32-санлы бақшада оңлаў жумыслары жуўмақланбаған. Бухара қаласындағы 3-, Бухара районындағы 19-, Ромитан районындағы 11-, Қаракөл районындағы 7-санлы бақшаларда пардозлаў жумыслары сапасыз орынланған, үскенелердиң 50 проценти жеткерип берилмеген. Көплеген жойбарларда нәзерде тутылмағаны себепли бақшалардың аймағын абаданластырыў, дөгерегин қоршаў, сыртқы коммуникация тармақларына жалғаў жумыслары орынланбай қалмақта.

Усы сыяқлы кемшиликлерди сапластырыў ушын ҳәкимликлер, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине тийисли тапсырмалар берилди. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде жәрдемши имаратларды да оңлаў және үскенелеўди нәзерде тутыў, оларды халық ушын қолайлы ҳәм инженерлик-коммуникация тармағы бар аймақларға орналастырыў зәрүрлиги атап өтилди. Үлги жойбарларды қайтадан көрип шығып, жаңадан қурылатуғын бақшалар ушын жумсалатуғын қәрежетлерди арзанлатыў ўазыйпасы қойылды.

Гезектеги әҳмийетли ўазыйпа, деди Шавкат Мирзиёев, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшалар тармағын кеңейтиў болып табылады. Аймақларға бириктирилген коммерциялық банклер ҳәм исбилерменлер тәрепинен 2018-жылы жәми 222 мың балаға мөлшерленген 3 мыңнан аслам мәмлекетлик емес балалар бақшасын шөлкемлестириў режелестирилген. Соның 1 мың 200 и жаңадан қурылатуғын имаратта, 1 мың 360 сы бар имаратларда ҳәм 470 и үй бақшасы сыпатында шөлкемлестириледи.

Орынларда бул бойынша бир қатар жумыслардың басланғаны, лекин Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларында төмен дәрежеде алып барылып атырғаны атап өтилди. Айырым басшылардың узақты көре алмаўы ҳәм мәмлекетлик сиясатты түсинбеўи ақыбетинде ислеп турған мәмлекетлик бақшаларды меншиклестириў ҳәм исбилерменлерге берип жибериўге урыныў жағдайлары бақланбақта. Бул болса халықтың орынлы ҳәм әҳмийетли наразылығына себепши болмақта.

Сонлықтан исбилерменлерге ислемей турған бақшаларды бериў, имаратты оңлап ҳәм үскенелеп ислетиў ўазыйпасын қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жеке меншик бақша ушын жақсы орыннан жер, имарат ҳәм жеңиллетилген кредит алып, қурылған ямаса оңланған имараттан 1-2 жылдан соң басқа мақсетте пайдаланаман, деген «қуры қыял» менен жүрген тырнақша ишиндеги исбилерменлер де бар, деди Президентимиз. Сол себепли ҳәкимликлер жеке меншик бақшалар ушын жер ҳәм имарат ажыратыў, банклер болса кредит бериў ҳаққындағы өз қарарларында бундай имаратлардан кеминде 15-20 жыл даўамында бақша сыпатында пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққындағы шәотлерди нәзерде тутыўы керек.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик бақшаларды шөлкемлестириў бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Қаржы министрлигине Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорын дүзиў, Қордың қаржыларын мәмлекетлик емес балалар бақшалары ушын имаратлар менен оьъектлерди сатып алыў, жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларына жеңиллетилген ставкада кредит ажыратыўға бағдарлаў тапсырылды.

Мекттепке шекемги билимлендириў министрлигине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бақшаларды шөлкемлестириў модельлери, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шерикликтиң ҳуқықлары менен миннетлери, бақшаларды маман кадрлар менен тәмийинлеў бойынша реже жойбарын ислеп шығыўды тезлетиў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәкимликлерге ҳәм банклерге 2018-жылы шөлкемлестирилетуғын 3 мыңнан аслам жеке меншик  бақшаның ҳәр бири бойынша жер, имарат ҳәм кредит ажыратыў, бақшаларды иске түсириў мүддетлери анық белгиленген кестелерди ислеп шығыў ҳәм тастыйықлатыў бойынша көрсетпе берилди.

Шешилиўи зәрүр болған және бир әҳмийетли мәселе, деди мәмлекетимиз басшысы, бақшаларда балаларды белгиленген нормалар тийкарында дурыс ҳәм сапалы аўқатландырыўды шөлкемлестириў болып табылады.

Тилекке қапсы, балаларға счүт өнимлери ҳәм мийўе  тастыйықланған нормадан аз муғдарда берилмекте, балық өнимлери болса дерлик берилмей атыр.

Мәжилисте бул бойынша берилген тапсырмаларға муўапық, балаларды сапалы аўқатландырыў, көрпе, дастық ҳәм сүлгилерди белгиленген мүддетлерде алмастырыў, дәри-дәрмақ ҳәм жуўыу қураллары ушын ажыратылатуғын аржылардың муғдары жетерли екенлиги анық есап-санақ етиледи.

Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм оның орынлардағы бөлимлериниң басшылары бақшаларда балалардың белгиленген нормалар тийкарында саламат ҳәм дурыс аўқатланыўды шөлкемлестириўге жеке жуўапкер болады.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги бақшаларда аўқатларды таярлаў, азық-аўқат өнимлерин қабыл етиў ҳәм сақлаўда санитария нормаларына ҳәм гигиена қағыйдаларына қатаң әмел етилиўин қадағалайды.

Мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының дәрежеси, билими ҳәм көнликпелери мәселесине айрықша итибар қаратылды. Системада жумыс ислеп атырған дерлик 60 мың тәрбияшының тек ғана 21 проценги жоқары мағлыўматлы, 79 проценти болса орта арнаўлы мағлыўматқа ийе екени атап өтилди.

Балалар тәрбиясы процесине өзиниң жумысын пуқта билетуғын, маман ҳәм ҳәр бир балаға индивидуал қатнас жасай алатуғын педагог-кадрларды тартқан ҳалда, оларды нәресте ўақтынан ақыл-санасын ҳәм ой-өрисин дурыс қәлиплестирип бармасақ, келешекте жоқары дәрежеге, билим ҳәм руўхыйлыққа ийе болған бәркамал әўладты тәрбиялаў қыйын болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдардағы үйрениўлер нәтийжесинде келеси 3 жылда мектепке шекемги билимлендириў системасында 47 мың 300 ден аслам жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар, соның ишинде, 28 мың 300 тәрбияшы, дефектолог, психолог, музыка басшысына талап пайда болатуғыны анықланған. Сонлықтан, 2018-2019-оқыў жылынан баслап, жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Мектепке шекемги билимлендириў» бағдарында күндизги түрде 3 жыллық бакалаврлар таярлаў системасы енгизиледи. Онда алдынғы шет ел, соның ишинде, Қубла Кореяның жетекши университетлериниң тәжирийбеси тийкарында жаңа оқыў режеси ҳәм бағдарламалары ислеп шығылады.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылынан баслап, жоқары билимлендириў мәкемелеринде сыртқы ҳәм кешки түрдеги бакалаврлар таярлаў системасы жолға қойылады. Усы жылдың март айынан баслап, ўәлаятлардағы университет ҳәм педагогика институтлары базасында бақшалардың педагог ҳәм қәниге емес кадрлары ушын ярым жыллық оқыў бағдарламалары тийкарында қайта таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

Бул туўралы сөз болар екен, Президентимиз Қубла Кореяның Пучон университети менен биргеликте Ташкент қаласында Мектепке шекемги билимлендириў университетин шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте жоқары маманлықтағы, жоқары мағлыўматлы кадрларды хошаметлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларының айлық мийнет ҳақысын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди. Имканияты шекленген ҳәм физикалық раўажланыўында кемшилиги болған балаларға мөлшерленген бақшалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў жумысларына да итибар берилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың ҳәм ҳәкимлердиң есаплары тыңланды.

ӨзА