Кеше футбол бойынша Италия чемпионатында еӊ соӊғы тур ойынлары болып өтти.

Онда чемпионат көшбасшысы «Милан» соӊғы турда «Сассуоло»ға қарсы ойын өткерип, онда 0-3 есабында ири жеӊиске ерисип, 11 жыл дегенде Италия чемпионлығын қолға киргизди.

Бул «Милан» клубы ушын 19-чемпионлық болып есапланады. Бул көрсеткиш бойынша олар «Интер»ге жетип алды.

Ал, чемпионлық ушын тийкарғы даўагер «Интер» болса, «Сампдория» менен  ушырасып, 3-0 есабында жеӊиске еристи ҳәм 84 упай топлап гүмис медал ийесине айланды.

79-упай топлаған «Наполи» болса, «А-Серия»ны қола медалы менен жуўмақлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы