Кеше Англия Премьер лигасында еӊ соӊғы тур ойынлары болып өтти.
Онда чемпионлыққа тийкарғы даўагерлер «Манчестер Сити» өз майданында «Астон Вилла» менен ушырасқан болса, «Ливерпул» «Вулверхэмтон» менен гүрес алып барды.
Бул еки ушырасыў да чемпионлық мәселесин шешетуғын болғанлықтан оғада қызықлы болып өтти.
Атап айтатуғын болсақ, дәслепки ойында «Астон Вилла» клубы 1-таймда «Манчестер Сити» дәрўазасына еки гол урып майдан ийелерин қорқынышқа салып қойған еди.
Бирақ, 2-таймда ойынға түскен Гундўған 76 ҳәм 81-минутларда, Родри 78-минутта жуўап топларын урып, өз клубын және бир мәрте чемпионлық шыӊына алып шықты.
Сондай-ақ, «Ливерпул» да соӊғы турда «Вулверхэмптон» менен қыйын ойын өткерди ҳәм 3-1 есабында жеӊиске еристи ҳәм чемпионатты гүмис медалы ийесине айланды.
Ал, 3-4-5-орынлар болса, «Челси», «Тоттенхэм» ҳәм «Арсенал» клубларына несип етти. «Манчестер Юнайтед» ҳәм «Вестхэм» клублары Европа лигасына жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы