Россияныӊ Красноярск қаласында усы жыл 16-22-май күнлери аралығында көркем гимнастика бойынша «Весенний кубок» халықаралық жарысы болып өтти.
Оған дүньяныӊ 11 мәмлекетинен күшли гимнастикашылар қатнасты. Олар арасында бир неше мәрте жәҳән ҳәм Европа чемпионлары, Токиода өткерилген Олимпиада ойынларыныӊ жеӊимпазлары Арина ҳәм Дина Авериналарды айтып өтсек болады.
Бизлер ушын еӊ қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста өз жас категориясында қатнасқан жерлесимиз, Нөкис қаласындағы 48-санлы мектептиң 6-класс оқыўшысы Шахсәнем Урақбаева 1 гүмис, 1қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Спортшыны тәжирийбели тренер Нигора Палванова таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы