Ҳәр жылы республикамыздың бир қатар спортшы тренерлери Ташкент қаласына барып тәжирийбе арттырыў курсларында оқып қайтатуғын еди.

Биринши мәрте февраль айының дәслепки күнлеринен баслап,

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия институты жанындағы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм олардың мамалығын арттырыў орайы Нөкисте спорт бойынша қәнигелерди, тренер-оқытыўшыларды көшпели тәжирийбе арттырыў курсларында оқыта баслады.

Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң  жоқары спорт ҳәм селекция бөлиминиң баслығы Жаҳангир Қайипов хабар берди.

Көшпели тәжирийбе арттырыў курсларында (184 тренер оқыўы киргизилген) ҳәзирги күнде 56 тренер оқымақта, ал усы жылдың май, сентябрь, ноябрь айларында спорттың футбол, көркем гимнастика, стол тенниси, гандбол, бокс, еркин гүрес, аўыр атлетика бойынша тренерлер оқыўы күтилмекте.

Курсларда профессор-оқытыўшылар тәрепинен тыңлаўшылар ушын тарқатпа материаллар таярланған. Сондай-ақ,  оқыў ҳәм компьютер бөлмелери, әмелий шынығыўлар ушын спорт түрлери бойынша спорт заллары таярланған.

Бул  көшпели тәжирийбе арттырыў курсларын шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жылы Токио қаласы (Япония)нда болып өтетуғын XXX88 жазғы Олимпиада ҳәм  XV8 Паралимпиада ойынларына таярлық көриў ҳаққында»ғы ҳәмде 2017-жыл 3-июньдеги «Дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларының орынлаўын тәмийинлеўден ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги