Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлериниң Жоқары бас сәркардасы орынбасары, Абу Даби Әмирлиги мийрасхоры Шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаянды мәмлекет Президенти етип сайланғаны менен қутлықлады.
Соның ишиндеҮ «Сизиң кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Әмирликлер арасындағы көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге қосып киятырған шексиз әмелий үлесиңизди ҳәм көрсетип атырған итибарыңызды үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Келешекте де биргеликтеги исенимли умтылысларымыз ҳәм турақлы сөйлесиўлеримиз нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасында жедел раўажланып баратырған өз-ара исеним, жоқары ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған шериклигимиз избе-из кеңейип барыўына исенемен», делинеди, мәмлекетимиз басшысының хатында.
ӨзА