Түркияныӊ Стамбул қаласында ҳаял-қызлар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Бүгинги күнге шекем чемпионаттыӊ 1/8 финал ушырасыўлары өз жуўмағына жетти.
Бул жарысларда қатнасып атырған өзбекстанлы боксшилер арасында 52 кг салмақта Турсуной Раҳимова украиналы Тетиана Кобты 5:0 есабында жеӊип шыққан болса, 54 кг салмақта Нозимахон Бултурова сербиялы Елена Зекичтен, 60 кг салмақта Моҳинабону Абдуллаева Қытай Тайпейли Сих Йи Вуден жеӊилип қалды.
Ал, 50 кг салмақта Азиза Ёқубова, 66 кг салмақта Навбаҳор Ҳамидова, 57 кг салмақта Ситора Турдибекова, +81 кг салмақта Моҳира Абдуллаевалар өз қарсыласларынан үстем келип, шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы