Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти, Абу-Даби әмири Шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаянның қайтыс болғаны мүнәсибети менен кеўил айтыў ушын 15-май күни сапар менен усы мәмлекетте болды.
Абу-Даби қаласындағы Президент комплексинде мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Араб Әмирликлериниң жаңадан сайланған Президенти Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян менен ушырасты.
Ушырасыў басында мәмлекетимиз жетекшиси Әмирликлер Президенти ҳәм дос халқына Президент Халифа бин Зоид Ол Наҳаянның биймезгил қайтыс болғанына терең қайғырыў менен кеўил айтты. Шайх Халифа мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге үлкен үлес қосқаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, Президентимиз Шайх Муҳаммад Ол Наҳаянды жоқары лаўазымға сайланғаны менен қутлықлап, алдағы жумысларына табыслар тиледи.
Жетекшилер Өзбекстан ҳәм Әмирликлер арасында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты.
Мәмлекетимиз басшысы БАӘ сыртқы ислер министри Абдулла бин Зоид Ол Наҳаян ҳәм Бас министрдиң орынбасары, Президент ислери бойынша министри Мансур бин Зоид Ол Наҳаян менен де ушырасыўлар өткерди.
ӨзА