Пайтахтымыз Нөкис қаласында «NUKUS ZIYADA NUR» оқыў орайының ашылыў салтанаты болып өтти.
Жаңа оқыў орайында тигиў-пишиў, миллий тағамлар таярлаў, компьютер, миллий нағыс тоқыў, тоқымашылық, карвинг, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар шаштәрези, торт безеў, массаж сыяқлы жигирмадан аслам тараўлар бойынша билим сырлары үйретиледи.
Оқыў орайының ашылыўында Өзбекистан Республикасы Президентиниң жақында қабыл етилген «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкар болды, – дейди оқыў орайының директоры Зыяда Утеназарова. Орайды ашыўымыздағы мақсет ҳаял-қызлардың, соның ишинде, үлкен өмирге қәдем таслап атырған жасларымыздың жәмийетте, шаңарақта, турмыста өз орнын табыўға өз үлесимизди қосыўдан ибарат. Бүгинги күнниң талабынан келип шыққан ҳалда келешекте усташылық, анық пәнлер ҳәм шет тиллерин үйрениў курсларын ашыўды мақсет еткенбиз.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы